narrator-icon
image Сиздиң пикириңиз
биз ушын зәрүрли!
Нызамшылықты жаңа таҳрирдаги Конституцияга муўапықластырыў ҳәм де оны әмелге асырыўда жүзеге киятырған машқалаларди сапластырыў бойынша усынысларды усыныў платформаси Усыныс бериў
Конституция алғы сөз,
6 бөлим, 27 бап ҳәм 155 статьядан ибарат
  • 977усыныслар
I
II
III
IV
V
VI

Алғы сөз

I

Биринши бөлим. Тийкарғы принциплер

II

Екинши бөлим. Инсан ҳәм пуқараның тийкарғы ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм миннетлери

III

Үшинши бөлим. Жәмийет ҳәм шахс

IV

Төртинши бөлим Ҳәкимшилик-аймақлық ҳәм мәмлекетлик дүзилиси

V

Бесинши бөлим. Мәмлекетлик ҳәкимиятты шөлкемлестириў

VI

Алтыншы бөлим. Конституцияға өзгерис киргизиў тәртиби

Конституция

Алғы сөз

writing
61

усыныслар

arrrow-icon

Биз, Өзбекстанның бирден-бир халқы,

инсан ҳуқық ҳәм еркинликлерине, миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларға, мәмлекетлик суверенитет принциплерине садықлығымызды салтанатлы түрде жәриялап,

демократия, еркинлик, теңлик, социаллық әдиллик ҳәм тилеклеслик идеяларына садықлығымызды көрсетип,

инсан, оның өмири, еркинлиги, ар-намысы ҳәм қәдир-қымбаты жоқары қәдирият есапланатуғынын, инсаныйлық демократиялық мәмлекетти, ашық ҳәм әдил жәмийетти қурыў барысында ҳәзирги ҳәм келешек әўладлар алдындағы жоқары жуўапкершилигимизди сезе отырып,

мәмлекетшилигимиз раўажланыўының үш мың жылдан артық тарийхый тәжирийбесине, сондай-ақ жәҳән цивилизациясына бийбаҳа үлес қосқан уллы бабаларымыздың илимий, мәдений ҳәм руўхый мийрасына сүйенип,

мәмлектимиздиң бийбаҳа тәбийғый байлықларын көбейтиўге, ҳәзирги ҳәм келешек әўладлар ушын қәстерлеп абайлаўға, қоршаған орталықтың тазалығын сақлаўға жигерли түрде бел байлап,

халықаралық ҳуқықтың ғалабалық тән алынған принцип ҳәм нормаларына тийкарланған ҳалда,

Өзбекстанның жәҳән жәмийетшилиги, ең дәслеп, қоңсылас мәмлекетлер менен дослық қатнасықларын шериклик, өз-ара қоллап-қуўатлаў, тынышлық ҳәм татыўлық тийкарында беккемлеў ҳәм де раўажландырыўға умтылып,

пуқаралардың ылайықлы турмыс кешириўин, миллетлераралық ҳәм конфессиялараралық татыўлықты, көп миллетли жанажан Өзбекстанымыздың пәраўанлығын ҳәм гүллеп-жаснаўын тәмийинлеўди мақсет еткен ҳалда,

усы Конституцияны қабыл етемиз ҳәм жәриялаймыз.

arrrow-icon

I

Биринши бөлим. Тийкарғы принциплер

writing
0

усыныслар

arrrow-icon

I бап. Мәмлекетлик суверенитет

writing
782

усыныслар

arrrow-icon

1 - статья

Өзбекстан — басқарыўдың республика формасына ийе болған суверен, демократиялық, ҳуқықый, социаллық ҳәм дүньялық мәмлекет.

Мәмлекеттиң «Өзбекстан Республикасы» ҳәм «Өзбекстан» атамалары тең мәнили.

arrrow-icon

2 - статья

Мәмлекет халықтың ерк-ықрарын билдирип, оның мәплерине хызмет етеди. Мәмлекетлик уйымлар ҳәм лаўазымлы шахслар жәмийет ҳәм пуқаралар алдында жуўапкер.

arrrow-icon

3 - статья

Өзбекстан Республикасы өзиниң миллий-мәмлекетлик ҳәм ҳәкимшилик-аймақлық дүзилисин, мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының системасын белгилейди, ишки ҳәм сыртқы сиясатын әмелге асырады.

Өзбекстанның мәмлекетлик шегарасы ҳәм аймағына қол қатылмайды ҳәм бөлинбейди.

arrrow-icon

4 - статья

Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик тили өзбек тили болып табылады.

Өзбекстан Республикасы өзиниң аймағында жасаўшы миллет ҳәм халықлардың тиллери, үрп-әдетлери ҳәм дәстүрлериниң ҳүрмет етилиўин тәмийинлейди, олардың раўажланыўы ушын шараят жаратады.

arrrow-icon

5 - статья

Өзбекстан Республикасы нызам менен тастыйықланатуғын өзиниң мәмлекетлик нышанлары — байрағы, герби ҳәм гимнине ийе.

Мәмлекетлик нышанлар мәмлекет қорғаўында болады.

arrrow-icon

6 - статья

Өзбекстан Республикасының пайтахты — Ташкент қаласы.

arrrow-icon

II бап. Халық ҳәкимияты

writing
57

усыныслар

arrrow-icon

7 - статья

Халық мәмлекетлик ҳәкимияттың бирден-бир дәреги болып табылады.

Өзбекстан Республикасында мәмлекетлик ҳәкимият халық мәплерин гөзлеп ҳәм Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳәм де оның тийкарында қабыл етилген нызамлар ўәкиллик берген уйымлар тәрепинен ғана әмелге асырылады.

Конституцияда нәзерде тутылмаған тәртипте мәмлекетлик ҳәкимият ўәқилликлерин өзлестириў, ҳәкимият уйымлары жумысын тоқтатып қойыў ямаса сапластырыў, ҳәкимияттың жаңа ҳәм параллель дүзилислерин дүзиў Конституцияға қарсы болып табылады ҳәм нызамға муўапық жуўапкершиликке тартыўға тийкар болады.

arrrow-icon

8 - статья

Өзбекстан халқын миллетине қарамастан Өзбекстан Республикасының пуқаралары қурайды.

arrrow-icon

9 - статья

Жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик турмысының ең әҳмийетли мәселелери халықтың додалаўына шығарылады, улыўма халықлық даўысқа — референдумға қойылады.

Өзбекстан Республикасында референдум өткериў тәртиби нызам менен белгиленеди.

arrrow-icon

10 - статья

Өзбекстан халқы атынан тек ғана ол сайлаған Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси ҳәм Президенти жумыс алып барыўы мүмкин.

Жәмийеттиң ҳеш бир бөлеги, сиясий партия, жәмийетлик бирлеспе, социаллық ҳәрекет ямаса айырым шахс Өзбекстан халқы атынан жумыс алып барыўға ҳақылы емес.

arrrow-icon

11 - статья

Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик ҳәкимият системасы — ҳәкимияттың нызам шығарыўшы, атқарыўшы ҳәм суд ҳәкимиятына бөлиниўи принципине тийкарланады.

arrrow-icon

12 - статья

Өзбекстан Республикасында жәмийетлик турмыс сиясий институтлар, идеологиялар ҳәм пикирлердиң көп түрлилиги тийкарында раўажланады.

Ҳеш бир идеология мәмлекетлик идеология сыпатында белгилениўи мүмкин емес.

arrrow-icon

13 - статья

Өзбекстан Республикасында демократия улыўмаинсаныйлық принциплерине тийкарланады, оларға муўапық инсан, оның өмири, еркинлиги, ар-намысы, қәдир-қымбаты ҳәм басқа да ажыралмас ҳуқықлары жоқары қәдирият болып табылады.

Демократиялық ҳуқық ҳәм еркинликлер Конституция ҳәм нызамлар менен қорғалады.

arrrow-icon

14 - статья

Мәмлекет өзиниң жумысын инсан пәраўанлығын ҳәм жәмийеттиң турақлы раўажланыўын тәмийинлеў мақсетинде нызамлылық, социаллық әдиллик ҳәм тилеклеслик принциплери тийкарында әмелге асырады.

arrrow-icon

III бап. Конституция ҳәм нызамның үстинлиги

writing
4

усыныслар

arrrow-icon

15 - статья

Өзбекстан Республикасында Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳәм нызамларының үстинлиги сөзсиз тән алынады.

Өзбекстан Республикасының Конституциясы мәмлекеттиң пүткил аймағында жоқары юридикалық күшке ийе, туўрыдан-туўры әмел етеди ҳәм бирден-бир ҳуқықый түп тийкарын қурайды.

Өзбекстан Республикасының халықаралық шәртнамалары халықаралық ҳуқықтың ғалабалық тән алынған принцип ҳәм нормалары менен бир қатарда Өзбекстан Республикасы хуқықый системасының қурамлы бөлеги болып табылады.

Егер Өзбекстан Республикасының халықаралық шәртнамасында Өзбекстан Республикасының нызамында нәзерде тутылғанынан басқаша қағыйдалар белгиленген болса, Өзбекстан Республикасының халықаралық шәртнамасы қағыйдалары қолланылады.

Мәмлекет ҳәм оның уйымлары, басқа шөлкемлер, лаўазымлы шахслар, пуқаралық жәмийет институтлары ҳәм де пуқаралар Конституция ҳәм нызамларға муўапық жумыс алып барады.

Өзбекстан Республикасында Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳәм нызамларының үстинлиги сөзсиз тән алынады.

Өзбекстан Республикасының Конституциясы мәмлекеттиң пүткил аймағында жоқары юридикалық күшке ийе, туўрыдан-туўры әмел етеди ҳәм бирден-бир ҳуқықый түп тийкарын қурайды.

Өзбекстан Республикасының халықаралық шәртнамалары халықаралық ҳуқықтың ғалабалық тән алынған принцип ҳәм нормалары менен бир қатарда Өзбекстан Республикасы хуқықый системасының қурамлы бөлеги болып табылады.

Егер Өзбекстан Республикасының халықаралық шәртнамасында Өзбекстан Республикасының нызамында нәзерде тутылғанынан басқаша қағыйдалар белгиленген болса, Өзбекстан Республикасының халықаралық шәртнамасы қағыйдалары қолланылады.

Мәмлекет ҳәм оның уйымлары, басқа шөлкемлер, лаўазымлы шахслар, пуқаралық жәмийет институтлары ҳәм де пуқаралар Конституция ҳәм нызамларға муўапық жумыс алып барады.

arrrow-icon

16 - статья

Усы Конституцияның ҳеш бир қағыйдасы Өзбекстан Республикасының ҳуқық ҳәм мәплерине, усы Конституцияның биринши бөлиминде нәзерде тутылған тийкарғы принцип ҳәм нормаларына қайшы келетуғын тәризде түсиндирилиўи мүмкин емес.

Өзбекстан Республикасының Конституциясы тийкарында ҳәм оны орынлаў бойынша Өзбекстан Республикасы нызамлары ҳәм басқа нормативлик-ҳукуқый актлери қабыл етиледи. Бирде бир нызам ямаса басқа да нормативлик-ҳуқықый акт Конституцияның принцип ҳәм нормаларына қайшы келиўи мүмкин емес.

arrrow-icon

IV бап. Сыртқы сиясат

writing
0

усыныслар

arrrow-icon

17 - статья

Өзбекстан Республикасы халықаралық қатнасықлардың толық ҳуқықлы субъекти болып табылады.

Өзбекстанның сыртқы сиясаты мәмлекетлердиң суверенли теңлик, күш қолланбаў ямаса күш пенен қәўип туўғызбаў, шегаралардың бузылмаўы, мәмлекетлердиң аймақлық пүтинлиги, келиспеўшиликлерди тыныш жол менен шешиў, басқа мәмлекетлердиң ишки ислерине араласпаў принциплерине ҳәм де халықаралық ҳуқықтың ғалабалық тән алынған басқа да принциплери ҳәм нормаларына тийкарланады.

arrrow-icon

18 - статья

Өзбекстан Республикасы мәмлекетлер ҳәм халықаралық шөлкемлер менен еки ҳәм көп тәреплеме қатнасықларды ҳәр тәреплеме раўажландарыўға қаратылған тынышлық сүйиўши сыртқы сыясатты әмелге асырады.

Өзбекстан Республикасы мәмлекеттиң, халықтың жоқары мәплеринен, оның пәраўанлығы ҳәм қәўипсизлигинен келип шыққан ҳалда аўқамлар дүзиўи, дослық аўқамларына ҳәм басқа мәмлекетлераралық дүзилмелерге кириўи ҳәм де олардан шығыўы мүмкин.

arrrow-icon

II

Екинши бөлим. Инсан ҳәм пуқараның тийкарғы ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм миннетлери

writing
0

усыныслар

arrrow-icon

V бап. Улыўма қағыйдалар

writing
6

усыныслар

arrrow-icon

19 - статья

Өзбекстан Республикасында инсанның ҳуқық ҳәм еркинликлери халқаралық ҳуқықтың ғалабалық тән алынған нормаларына тийкарланып ҳәм де усы Конституцияга муўапық тән алынады ҳәм кепилленеди. Инсан ҳуқық ҳәм еркинликлери ҳәр кимге туўылғанынан баслап тийисли болады.

Өзбекстан Республикасында барлық пуқаралар бирдей ҳуқық ҳәм еркинликлерге ийе болып, жынысы, расасы, миллети, тили, дини, исеними, социаллық шығысы, жәмийетлик аўҳалының айырмашылығына қарамастан нызам алдында тең.

Жеңилликлер тек ғана нызамға муўапық белгиленеди ҳәм социаллық әдиллик принциплерине сәйкес келиўи шәрт.

arrrow-icon

20 - статья

Өзбекстан Республикасының пуқарасы ҳәм мәмлекет өз-ара ҳуқықлар ҳәм миннетлер менен байланыслы болып табылады.

Инсанның Конституция ҳәм нызамларда беккемлеп қойылған ҳуқық ҳәм еркинликлерине қол қатылмайды ҳәм де олардан судтың шешимисиз айырыўға ямаса оларды шеклеп қойыўға ҳеш кимниң ҳақысы жоқ.

Инсанның ҳуқық ҳәм еркинликлери тиккелей әмел етеди. Инсанның ҳуқық ҳәм еркинликлери нызамлардың, мәмлекетлик уйымлары, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, олардың лаўазымлы шахслары жумысының мазмун-мәнисин белгилейди.

Мәмлекетлик уйымлар тәрепинен инсанға қолланылатуғын ҳуқықый тәсир шаралары сәйкеслик принципине тийкарланыўы ҳәм нызамларда нәзерде тутылған мақсетлерге ерисиў ушын жетерли болыўы керек.

Инсан менен мәмлекетлик уйымлардың өз-ара қатнасықларында жүзеге келетуғын нызамшылықтағы барлық қарама-қарсылықлар ҳәм анықсызлықлар инсан пайдасына шешиледи.

arrrow-icon

21 - статья

Ҳәр бир инсан өзлигин шахсын еркин камалға келтириў ҳуқықына ийе. Ҳеш кимге оның разылығысыз нызамшылықта белгиленбеген миннетлеме жүклетилиўи мүмкин емес.

Инсан өзиниң ҳуқық ҳәм еркинликлерин әмелге асырыўда басқа шахслардың, жәмийет ҳәм де мәмлекеттиң ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерине зыян жеткизбеўи шәрт.

Инсанның ҳуқық ҳәм еркинликлери тек ғана нызамға муўапық ҳәм тек ғана конституциялық дүзимди, халықтың денсаўлығын, социаллық әдеп-икрамлылықты, басқа шахслардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў, жәмийетлик қәўипсизликти ҳәм жәмийетлик тәртипти тәмийинлеў мақсетинде зәрүр болған шеңберде шеклениўи мүмкин.

arrrow-icon

VI бап. Пуқаралық

writing
1

усыныслар

arrrow-icon

22 - статья

Өзбекстан Республикасының пүткил аймағында бирден-бир пуқаралық орнатылады.

Өзбекстан Республикасының пуқаралығы, оған қандай тийкарларда ийе болғанлығына қарамастан ҳәмме ушын тең.

Қарақалпақстан Республикасының пуқарасы бир ўақыттың өзинде Өзбекстан Республикасының пуқарасы болып есапланады.

Пуқаралыққа ерисиў ҳәм оннан айырылып қалыў тийкарлары ҳәм де тәртиби нызам менен белгиленеди.

arrrow-icon

23 - статья

Өзбекстан Республикасы өзиниң аймағында да, оның сыртында да өзиниң пуқараларын қорғаў ҳәм оларға ғамқорлық көрсетиўде кепиллик береди.

Өзбекстан Республикасы пуқарасы Өзбекстаннан сыртқа мәжбүрий шығарып жиберилиўи ямаса басқа мәмлекетке берип жиберилиўи мүмкин емес.

Мәмлекет сырт елде жасап атырған ўатанласлар менен байланысларды сақлап қалыў ҳәм раўажландырыў ҳаққында халықаралық ҳуқық нормаларына муўапық ғамқорлық етеди.

arrrow-icon

24 - статья

Өзбекстан Республикасы аймағындағы сырт ел пуқараларының ҳәм пуқаралығы болмаған шахслардың ҳуқық ҳәм еркинликлери халықаралық ҳуқық нормаларына муўапық тәмийинленеди. Олар Өзбекстан Республикасының Конституциясы, нызамлары ҳәм халықаралық шәртнамалары менен белгиленген миннетлерди орынлайды.

arrrow-icon

VII Бап. Жеке ҳуқық ҳәм еркинликлер

writing
12

усыныслар

arrrow-icon

25 - статья

Жасаў ҳуқықы ҳәр бир инсанның ажыралмас ҳуқықы болып табылады ҳәм ол нызам менен қорғалады. Инсанның өмирине қол қатыў ең аўыр жынаят болып табылады.

Өзбекстан Республикасында өлим жазасы қадаған етиледи.

arrrow-icon

26 - статья

Инсанның ар-намысы ҳәм қәдир-қымбатына қол қатылмайды. Ҳеш нәрсе оларды кемситиў ушын тийкар болыўы мүмкин емес.

Ҳеш ким қыйнаўларға салыныўы, күш жумсаўға, басқа аяўсыз, инсанға жат ямаса инсанның қәдир-қымбатын кемситиўши ҳәрекетке ямаса жазаға дуўшар етилиўи мүмкин емес.

Ҳеш кимде оның разылығысыз медициналық ҳәм илимий тәжирийбелер өткерилиўи мүмкин емес.

arrrow-icon

27 - статья

Ҳәр ким еркинлик ҳәм жеке қол қатылмаслық ҳуқықына ийе.

Ҳеш ким нызамға тийкарланбаған ҳалда иркиўге алыныўы, услап турылыўы, қамаққа алыныўы, қамақта сақланыўы ямаса оның еркинлиги басқаша түрде шеклениўи мүмкин емес.

Иркиўге алыўға, қамаққа алыўға ҳәм қамақта сақлаўға тек ғана судтың шешимине муўапық жол қойылады. Шахс судтың шешимисиз қырық сегиз сааттан артық услап турылыўы мүмкин емес.

Шахсты услаў ўақтында оған түсиникли тилде оның ҳуқықлары ҳәм услап турылыўы тийкарлары түсиндирилиўи шәрт.

arrrow-icon

28 - статья

Жынаят ислегенликте айыпланып атырған шахс оның айыбы нызамда нәзерде тутылған тәртипте ашық суд додалаўы жолы менен дәлилленбегенше ҳәм судтың нызамлы күшке кирген ҳүкими менен анықланбағанша айыпсыз деп есапланады. Айыпланыўшыға өзин қорғаў ушын барлық шараятлар тәмийинленеди.

Айыплылыққа байланыслы барлық гүманлар, егерде оларды сапластырыў мүмкиншиликлери тамамланған болса, гүманланыўшының, айыпланыўшының, судланыўшының ямаса судланған шахстың пайдасына шешилиўи керек.

Гүманланыўшы, айыпланыўшы ямаса судланыўшы өзиниң айыпсызлығын дәлиллеўи шәрт емес ҳәм қәлеген ўақытта үнсизлик сақлаў ҳуқықынан пайдаланыўы мүмкин.

Ҳеш ким өзине ҳәм жақын туўысқанларына қарсы гүўалық бериўге мәжбүр емес.

Егер шахстың өзиниң айыбын мойынлағанлығы оған қарсы бирден-бир дәлил болса, ол айыпкер деп табылыўы ямаса жазаға тартылыўы мүмкин емес.

Еркинен айырылған барлық шахслар өзине қарата инсаныйлық қатнасықта болыныўы ҳәм де инсан шахсына тән болған ар-намысы ҳәм қәдир-қымбаты ҳүрмет етилиўи ҳуқықына ийе.

Шахстың судланғанлығы ҳәм буннан келип шығатуғын ҳуқықый ақыбетлер оның туўысқанлары ҳуқықларын шеклеў ушын тийкар болыўы мүмкин емес.

arrrow-icon

29 - статья

Ҳәр кимге қәнигели юридикалық жәрдем алыў ҳуқықы кепилленеди. Нызамда нәзерде тутылған жағдайларда юридикалық жәрдем мәмлекет есабынан көрсетиледи.

Ҳәр бир шахс жынаят процесиниң ҳәр қандай басқышында, шахс усланғанында болса оның ҳәрекетлениў еркинлиги ҳуқықы әмелде шекленген ўақыттан баслап өзиниң таңлаўына муўапық адвокат жәрдеминен пайдаланыў ҳуқықына ийе.

Гүманланыўшы, айыпланыўшы ямаса судланыўшы айыплаўдың мәниси ҳәм тийкарлары ҳаққында хабардар етилиўи, оған қарсы ямаса оның пайдасына көрсетпе берип атырған шахслардың сораў қылыныўын талап етиў, дилмаш жәрдеминен пайдаланыў ҳуқықына ийе.

Нызамды бузған ҳалда алынған дәлиллерден әдил судлаўды әмелге асырыў ўақтында пайдаланыўға жол қойылмайды.

Жынаят ушын ҳүким етилген ҳәр ким нызамда белгиленген тәртипте ҳүкимниң жоқары турыўшы суд тәрепинен қайта көрип шығылыўы ҳуқықына, сондай-ақ әпиў етиў ямаса жазаны жеңиллестириў ҳаққында өтиниш етиў ҳуқықына ийе.

Хуқықбузарлықлардан жәбирленгенлердиң ҳуқықлары нызам менен қорғалады. Мәмлекет жәбирленгенлерге қорғаныўды ҳәм әдил судлаўдан пайдаланыўды тәмийинлейди, оларға келтирилген зыянның орнын қапланыўы ушын шараятлар жаратады.

arrrow-icon

30 - статья

Ҳеш ким рәсмий жәрияланбаған нызам тийкарында ҳүким етилиўи, жазаға тартылыўы, мал-мүлкинен ямаса басқа бир ҳуқықынан айырылыўы мүмкин емес.

Ҳеш ким бир жынаят ушын қайта ҳүким етилиўи мүмкин емес.

arrrow-icon

31 - статья

Ҳәр бир инсан жеке өмириниң қол-қатылмаслығы, жеке ҳәм шаңарақлық сырға ийе болыў, өзиниң ар-намысы ҳәм қәдир-қымбатын қорғаў ҳуқықына ийе.

Ҳәр ким хат жазысыўлары, телефон арқалы ҳәм басқа сөйлесиўлери, почта, электрон ҳәм басқа хабарлары сыр сақланыўы ҳуқықына ийе. Усы ҳуқықтың шеклениўине тек ғана нызамға муўапық ҳәм судтың шешимине тийкар жол қойылады.

Ҳәр ким өзиниң шахсына байланыслы мағлыўматларды қорғаў ҳуқықына, сондай-ақ надурыс мағлыўматлардың дүзетилиўин, өзи ҳаққында нызамға қайшы жол менен топланған ямаса ҳуқықый тийкарларға ийе болмаған мағлыўматлардың жоқ етилиўин талап етиў ҳуқықына ийе.

Ҳәр ким турақ жайға болған қол-қатылмаслық ҳуқықына ийе.

Ҳеш ким турақ жайға онда жасаўшы шахслардың қәлеўине қарсы кириўи мүмкин емес. Турақ жайға кириўге, сондай-ақ шығарып алыўға ҳәм көзден кешириўди өткериўге тек ғана нызамда нәзерде тутылған жағдайларда ҳәм тәртипте жол қойылады. Турақ жайда тинтиў өткериўге тек ғана нызамға ҳәм судтың шешимине муўапық жол қойылады.

arrrow-icon

32 - статья

Нызамлы тийкарларда Өзбекстан Республикасы аймағында болып турған ҳәр ким мәмлекет бойлап еркин ҳәрекетлениў, турар ҳәм жасаў орнын таңлаў ҳуқықына ийе, нызамда белгиленген шеклеўлер буннан тысқары.

Ҳәр ким Өзбекстаннан еркин шығыў ҳуқықына ийе, нызамда белгиленген шеклеўлер буннан тысқары. Өзбекстан Республикасы пуқарасы Өзбекстанға тосқынлықсыз қайтыў ҳуқықына ийе.

arrrow-icon

33 - статья

Ҳәр ким пикирлеў, сөз ҳәм исеним еркинлиги ҳуқықына ийе.

Ҳәр ким ҳәр қандай мәлимлемени излеў, алыў ҳәм тарқатыў ҳуқықына ийе.

Мәмлекет Интернет жәҳән мәлимлеме тармағынан пайдаланыўды тәмийинлеў ушын шараятлар жаратады.

Мәлимлемени излеў, алыў ҳәм тарқатыўға болған ҳуқықты шеклеўге тек ғана нызамға муўапық ҳәм де конституциялық дүзимди, халықтың ден саўлығын ҳәм социаллық әдеп-икрамлылықты, басқа шахслардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў, жәмийет қәўипсизлигин ҳәм де жәмийетлик тәртипти тәмийинлеў, сондай-ақ мәмлекет сырлары ямаса нызам менен қорғалатуғын басқа сыр ашылыўының алдын алыў мақсетинде зәрүр болған шеңберде жол қойылады.

arrrow-icon

34 - статья

Мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлери, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, олардың лаўазымлы шахслары ҳәр кимге өзиниң ҳуқықлары ҳәм де нызамлы мәплерине байланыслы болған ҳүжжетлер, шешимлер ҳәм басқа да материаллар менен танысыў мүмкиншилигин тәмийинлеўи шәрт.

arrrow-icon

35 - статья

Ҳүждан еркинлиги ҳәмме ушын кепилленеди. Ҳәр ким қәлеген динге исениўге ямаса ҳеш бир динге исенбеў ҳуқықына ийе. Диний көз-қарасларды мәжбүрий сиңдириўге жол қойылмайды.

arrrow-icon

VIII бап. Сиясий ҳуқықлар 36-статья.

writing
2

усыныслар

arrrow-icon

36 - статья

Өзбекстан Республикасының пуқаралары жәмийет ҳәм мәмлекет ислерин басқарыўда тиккелей ҳәм өз ўәкиллери арқалы қатнасыў ҳуқықына ийе. Бундай қатнасыў өзин-өзи басқарыў, референдумлар өткериў ҳәм мәмлекетлик уйымларды демократиялық түрде шөлкемлестириў, сондай-ақ мәмлекетлик уйымлардың жумысы үстинен жәмийетлик қадағалаў жәрдеминде әмелге асырылады.

Мәмлекетлик уйымлардың жумысы үстинен жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыў тәртиби нызам менен белгиленеди.

arrrow-icon

37 - статья

Өзбекстан Республикасының пуқаралары мәмлекетлик хызметке кириўде тең ҳуқыққа ийе.

Мәмлекетлик хызметин өтеў менен байланыслы шеклеўлер нызам менен белгиленеди.

arrrow-icon

38 - статья

Пуқаралар өзлериниң жәмийетлик белсендилигин Өзбекстан Республикасы нызамларына муўапық митинглер, жыйналыслар ҳәм демонстрациялар түринде әмелге асырыў ҳуқықына ийе. Ҳәкимият уйымлары тек ғана қәўипсизлик себеплерине байланыслы илажлардың өткерилиўин тоқтатыў ямаса тыйым салыў ҳуқықына ийе.

arrrow-icon

39 - статья

Өзбекстан Республикасы пуқаралары кәсиплик аўқамларға, сиясий партияларға ҳәм басқа да жәмийетлик бирлеспелерге бирлесиў, ғалабалық ҳәрекетлерде қатнасыў ҳуқықына ийе.

Сиясий партияларда, жәмийетлик бирлеспелерде, ғалабалық ҳәрекетлерде, сондай-ақ мәмлекетлик ҳәкимияттың ўәкилликли уйымларында азшылықты қурайтуғын оппозициялық шахслардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм қәдир-қымбатын ҳеш ким кемситиўи мүмкин емес.

arrrow-icon

40 - статья

Ҳәр ким тиккелей өзи ҳәм басқалар менен биргеликте мәмлекетлик уйымларына ҳәм де шөлкемлерине, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларына, лаўазымлы шахсларға ямаса халық ўәкиллерине арзалар, усыныслар ҳәм шағымлар менен мүрәжат етиў ҳуқықына ийе.

Арзалар, усыныслар ҳәм шағымлар нызамда белгиленген тәртипте ҳәм мүддетлерде қөрип шығылыўы шәрт.

arrrow-icon

IX бап. Экономикалық, социаллық, мәдений ҳәм экологиялық ҳуқықлар

writing
17

усыныслар

arrrow-icon

41 - статья

Ҳәр бир шахс меншик ҳуқықына ийе.

Банк операцияларының, аманатларының ҳәм есап-бетлериниң сыр сақланыўы ҳәм де мийрас ҳуқықы нызам менен кепилленеди.

arrrow-icon

42 - статья

Ҳәр ким ылайықлы мийнет етиў, кәсип ҳәм жумыс түрин еркин таңлаў, қәўипсизлик ҳәм гигиена талапларына жуўап беретуғын қолайлы мийнет жағдайларында ислеў, мийнети ушын ҳеш қандай кемситиўлерсиз ҳәм де мийнетке ҳақы төлеўдиң белгиленген ең кем муғдарынан кем болмаған әдил ҳақ алыў, сондай-ақ жумыссызлықтан нызамда белгиленген тәртипте қорғаныў ҳуқықына ийе.

Мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдары инсанның ылайықлы турмыс дәрежесин тәмийинлеў зәрүрлиги есапқа алынған ҳалда белгиленеди.

Ҳәмледар ямаса баласы барлығы себепли ҳаялларды жумысқа қабыл етиўден бас тартыў, жумыстан босатыў ҳәм олардың ис ҳақысын кемейтиў қадаған етиледи.

arrrow-icon

43 - статья

Мәмлекет пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў, оларды жумыссызлықтан қорғаў, сондай-ақ кәмбағаллықты қысқартыў илажларын көреди.

Мәмлекет пуқаралардың кәсиплик таярлығын ҳәм қайта таярланыўын шөлкемлестиреди ҳәм де хошаметлейди.

arrrow-icon

44 - статья

Судтың шешими менен тайынланған жазаны өтеў тәртибинен ямаса нызамда нәзерде тутылған басқа жағдайлардан тысқары мәжбүрий мийнет қадаған етиледи.

Балалар мийнетиниң баланың денсаўлығына, қәўипсизлигине, минез-қулқына, ақылый ҳәм физикалық раўажланыўына қәўип салыўшы, соның менен бирге оның билим алыўына тосқынлық етиўши ҳәр қандай түрлери қадаған етиледи.

arrrow-icon

45 - статья

Ҳәр ким дем алыс ҳуқықына ийе.

Жалланып ислеўшилерге дем алыс ҳуқықы жумыс ўақтының даўамлылығын, дем алыс ҳәм исленбейтуғын байрам күнлерин, ҳақы төленетуғын ҳәр жылғы мийнет дем алысын белгилеў арқалы тәмийинленеди.

arrrow-icon

46 - статья

Ҳәр ким қартайғанда, мийнет етиў уқыбынан айырылғанда, жумыссызлықта, сондай-ақ асыраўшысынан айырылғанда ҳәм нызамда нәзерде тутылған басқа да жағдайларда социаллық жақтан тәмийинлениў ҳуқықына ийе.

Нызамда белгиленген пенсиялар, напақалар ҳәм басқа да түрдеги социаллық жәрдемниң муғдарлары рәсмий түрде белгиленген ең кем тутыныў қәрежетлеринен аз болыўы мүмкин емес.

arrrow-icon

47 - статья

Ҳәр ким турақ жайлы болыў ҳуқықына ийе.

Ҳеш ким судтың шешимисиз ҳәм нызамға қайшы түрде турақ жайынан айырылыўы мүмкин емес. Турақ жайынан айырылған меншик ийесине турақ жайдың қуны ҳәм де ол көрген зыянлардың орны нызамда нәзерде тутылған жағдайларда ҳәм тәртипте алдын-ала, тең муғдарда қаплап берилиўи тәмийинленеди.

Мәмлекет турақ жай қурылысын хошаметлейди ҳәм турақ жайға болған ҳуқықтың әмелге асырылыўы ушын шараятлар жаратады.

Халықтын социаллық жақтан мүтәж қатламларын турақ жай менен тәмийинлеў тәртиби нызам менен белгиленеди.

arrrow-icon

48 - статья

Ҳәр ким денсаўлығын сақлаў ҳәм қәнигели медициналық хызметтен пайдаланыў ҳуқықына ийе.

Өзбекстан Республикасы пуқаралары медициналық жәрдемниң кепилленген муғдарын нызамда белгиленген тәртипте мәмлекет есабынан алыўға ҳақылы.

Мәмлекет денсаўлықты сақлаў системасын, оның мәмлекет ҳәм мәмлекетлик емес формаларын, медициналық қамсызландырыўдың ҳәр қыйлы түрлерин раўажландырыў, халықтың санитария-эпидемиологиялық саламатлығын тәмийинлеў илажларын көреди.

Мәмлекет денетәрбия ҳәм спортты раўажландырыў, халық арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў ушын шараятлар жаратады.

arrrow-icon

49 - статья

Ҳәр ким қолайлы қоршаған орталыққа, оның жағдайы ҳаққындағы исенимли мәлимлемеге ийе болыў ҳуқықына ийе.

Мәмлекет пуқаралардың экологиялық ҳуқықларын тәмийинлеў ҳәм қоршаған орталыққа зыянлы тәсир көрсетилиўине жол қоймаў мақсетинде қала қурылысы жумысы тараўында жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыў ушын шараятлар жаратады.

Қала қурылысы ҳүжжетлериниң жойбарлары нызамда белгиленген тәртипте жәмийетлик додалаўдан өткериледи.

Мәмлекет турақлы раўажланыў принципине муўапық, қоршаған орталықты жақсылаў, тиклеў ҳәм қорғаў, экологиялық тең салмақлылықты сақлаў бойынша илажларды әмелге асырады.

Мәмлекет Аралбойы регионының экологиялық системасын қорғаў ҳәм де тиклеў, регионды социаллық ҳәм экономикалық жақтан раўажландырыў бойынша илажлар көреди.

arrrow-icon

50 - статья

Ҳәр ким билим алыў ҳуқықына ийе.

Мәмлекет үзликсиз билимлендириў системасы, оның ҳәр қыйлы түрлери ҳәм формалары, мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлериниң раўажланыўын тәмийинлейди.

Мәмлекет мектепке шекемги билимлендириў ҳәм тәрбияны раўажландырыў ушын шараятлар жаратады.

Мәмлекет бийпул улыўма орта билимлендириў ҳәм басланғыш профессионал билим алыўға кепиллик береди. Улыўма орта билимлендириў мәжбүрий болып табылады.

Мектепке шекемги билимлендириў ҳәм тәрбия, улыўма орта билимлендириў мәмлекет қадағалаўында болады.

Билимлендириў шөлкемлеринде айрықша билим мүтәжликлерине ийе болған балалар ушын инклюзивлик билим ҳәм тәрбия тәмийинленеди.

arrrow-icon

51 - статья

Пуқаралар мәмлекетлик билимлендириў шөлкемлеринде таңлаў тийкарында мәмлекет есабынан жоқары мағлыўмат алыўға ҳақылы.

Жоқары билимлендириў шөлкемлери нызамға муўапық академиялық еркинлик, өзин-өзи басқарыў, излениўлер өткериў ҳәм оқытыў еркинлиги ҳуқықына ийе.

arrrow-icon

52 - статья

Өзбекстан Республикасында оқытыўшының мийнети жәмийет ҳәм мәмлекетти раўажландырыў, саламат, жетик әўладты қәлиплестириў, тәрбиялаў, халықтың руўхый, мәдений потенциалын сақлаў ҳәм байытыўдың тийкары ретинде тән алынады.

Мәмлекет оқытыўшылардың ар-намысы ҳәм қәдир-қымбатын қорғаў, олардың социаллық ҳәм материаллық пәраўанлығы, кәсиплик жақтан жетилисиўи ҳаққында ғамқорлық етеди.

arrrow-icon

53 - статья

Ҳәр кимге илимий, техникалық ҳәм көркем дөретиўшилик еркинлиги, мәденият жетискенликлеринен пайдаланыў ҳуқықы кепилленеди. Интеллектуал мүлк нызам менен қорғалады.

Мәмлекет жәмийеттиң мәдений, илимий ҳәм техникалық раўажланыўы ҳаққында ғамқорлық етеди.

arrrow-icon

X бап. Инсан ҳәм де пуқараның ҳуқық ҳәм еркинликлери кепилликлери

writing
3

усыныслар

arrrow-icon

54 - статья

Инсанның ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеў мәмлекеттиң жоқары мақсети болып табылады.

Мәмлекет инсан ҳәм пуқараның Конституция ҳәм нызамларда беккемлеп қойылған ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин тәмийинлейди.

arrrow-icon

55 - статья

Ҳәр ким өз ҳуқық ҳәм еркинликлерин нызамда қадаған етилмеген барлық усыллар менен қорғаўға ҳақылы.

Ҳәр кимге өзиниң ҳуқық ҳәм еркинликлерин суд арқалы қорғаў, мәмлекетлик уйымлардың ҳәм басқа да шөлкемлердиң, олардың лаўазымлы шахсларының нызамға қайшы шешимлери, ҳәрекетлери ҳәм ҳәрекетсизлиги үстинен судқа шағым етиў ҳуқықына кепиллик бериледи.

Ҳәр кимге бузылған ҳуқық ҳәм еркинликлерин тиклеў ушын оның жумысы нызамда белгиленген мүддетлерде ўәкилликли, ғәрезсиз ҳәм де қалыс суд тәрепинен көрип шығылыўы ҳуқықына кепиллик бериледи.

Ҳәр ким Өзбекстан Республикасының нызамшылығына ҳәм халықаралық шәртнамаларына муўапық, егер мәмлекеттиң ҳуқықый қорғаўға байланыслы барлық ишки қуралларынан пайдаланып болынған болса, инсанның ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаўшы халықаралық уйымларға мүрәжат етиўге ҳақылы.

Ҳәр ким мәмлекетлик уйымлардың ямаса олардың лаўазымлы шахслардың нызамсыз шешимлери, ҳәрекетлери ямаса ҳәрекетсизлиги себепли жеткерилген зыянның орны мәмлекет тәрепинен қапланыў ҳуқықына ийе.

arrrow-icon

56 - статья

Инсан ҳуқықлары бойынша миллий институтлар инсан ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаўдың әмелдеги түрлери және де қуралларын толықтырады, пуқаралық жәмийетти раўажландырыўға ҳәм инсан ҳуқықлары мәдениятын көтериўге көмеклеседи.

Мәмлекет инсан ҳуқықлары бойынша миллий институтлар жумысын шөлкемлестириў ушын мүмкиншиликлер жаратады.

arrrow-icon

57 - статья

Мийнетке жарамсыз ҳәм жалғыз баслы қартайған шахслар, майыплығы болған шахслар ҳәм халықтың социаллық жақтан мүтәж болған басқа қатламларының ҳуқықлары мәмлекет қорғаўында болады.

Мәмлекет халықтың социаллық жақтан мүтәж болған қатламларының турмыс сапасын асырыўға, жәмийет ҳәм мәмлекет турмысында толық қатнасыўы ушын оларға шараятлар жаратыўға ҳәм де олардың тийкарғы турмыслық мүтәжликлерин ғәрезсиз түрде тәмийинлеў мүмкиншиликлерин кеңейтиўге қаратылған илажларды көреди.

Мәмлекет майыплығы болған шахслардың социаллық, экономикалық, мәдений тараўлар объектлери ҳәм хызметлеринен толық пайдаланыўы ушын шараятлар жаратады, олардың жумысқа орналасыўына, билим алыўына көмеклеседи, оларға зәрүр болған мәлимлемени тосқынлықсыз алыў мүмкиншилигин тәмийинлейди.

arrrow-icon

58 - статья

Ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлар теңдей ҳуқықларға ийе.

Мәмлекет ҳаял-қызлар ҳәм ер адамларға жәмийет ҳәм мәмлекет жумысларын басқарыўда, сондай-ақ жәмийет ҳәм мәмлекет турмысының басқа тараўларында теңдей ҳуқық ҳәм мүмкиншиликлерин тәмийинлейди.

arrrow-icon

ХI бап. Пуқаралардың миннетлери

writing
2

усыныслар

arrrow-icon

59 - статья

Барлық пуқаралар Конституцияда белгиленген миннетлерди орынлайды.

arrrow-icon

60 - статья

Пуқаралар Конституция ҳәм нызамларға әмел етиўге, басқа инсанлардың ҳуқықларын, еркинликлерин, ар-намысын ҳәм қәдир-қымбатын ҳүрметлеўге миннетли.

arrrow-icon

61 - статья

Пуқаралар Өзбекстан халқының тарийхый, руўхый, мәдений, илимий ҳәм тәбийғый мийрасын қәстерлеп сақлаўы шәрт.

Тарийхый, руўхый, мәдений, илимий ҳәм тәбийғый мийрас мәмлекет тәрепинен қорғалады.

arrrow-icon

62 - статья

Пуқаралар қоршап турған тәбийғый орталыққа ықтыятлы түрде қатнас жасаўға миннетли.

arrrow-icon

63 - статья

Пуқаралар нызам менен белгиленген салықларды ҳәм жыйымларды төлеўи шәрт.

Салық ҳәм жыйымлар әдил болыўы ҳәм де пуқаралардың өзиниң конституциялық ҳуқықларын әмелге асырыўына тосқынлық етпеўи тийис.

arrrow-icon

64 - статья

Өзбекстан Республикасын қорғаў — Өзбекстан Республикасының ҳәр бир пуқарасының миннети. Пуқаралар нызамда белгиленген тәртипте әскерий ямаса альтернативалы хызметти өтеўге миннетли.

arrrow-icon

III

Үшинши бөлим. Жәмийет ҳәм шахс

writing
0

усыныслар

arrrow-icon

ХII бап. Жәмийеттиң экономикалық тийкарлары

writing
3

усыныслар

arrrow-icon

65 - статья

Пуқаралар пәраўанлығын асырыўға қаратылған Өзбекстан экономикасының тийкарын меншиктиң ҳәр қыйлы түрлери қурайды. Мәмлекет базар қатнасықларын раўажландырыў ҳәм ҳадал бәсеки ушын шараятлар жаратады, тутыныўшылардың ҳуқықлары үстинлигин есапқа алған ҳалда экономикалық искерлик, исбилерменлик ҳәм мийнет етиў еркинлигине кепиллик береди.

Өзбекстан Республикасында барлық меншик формаларының тең ҳуқықлылығы ҳәм ҳуқықый жақтан қорғалыўы тәмийинленеди.

Жеке меншикке қол қатылмайды. Меншик ийеси өз мал-мүлкинен нызамда нәзерде тутылған жағдайлардан ҳәм тәртиптен тысқары ҳәм де судтың шешимине тийкарланбаған ҳалда айырылыўы мүмкин емес.

arrrow-icon

66 - статья

Меншик ийеси өзине тийисли болған мал-мүлкке өз ықтыяры менен ийелик етеди, пайдаланады ҳәм бийлик етеди. Мал-мүлктен пайдаланыў қоршаған орталыққа зыян келтирмеўи, басқа шахслардың, жәмийет ҳәм мәмлекеттиң ҳуқықларын ҳәм де нызамлы мәплерин бузбаўы тийис.

arrrow-icon

67 - статья

Мәмлекет қолайлы инвестициялық ҳәм исбилерменлик орталығын тәмийинлейди.

Исбилерменлер нызамшылыққа муўапық ҳәр қандай искерликти әмелге асырыўға ҳәм оның бағдарларын ғәрезсиз түрде таңлаўға ҳақылы.

Өзбекстан Республикасы аймағында экономикалық кеңислик бирлиги, товарлар, хызметлер, мийнет ресурслары ҳәм финанслық қәрежетлердиң еркин ҳәрекетлениўи кепилленеди.

Монополиялық искерлик нызам менен тәртипке салынады ҳәм шекленеди.

arrrow-icon

68 - статья

Жер, жер асты байлықлары, суў, өсимлик, ҳайўанат дүньясы ҳәм басқа да тәбийғый ресурслар улыўма миллий байлық болып табылады, олардан ақылға муўапық пайдаланылыўы тийис ҳәм олар мәмлекет қорғаўында болады.

Жер нызамда нәзерде тутылған ҳәм оннан ақылға муўапық пайдаланыўды, оны улыўмамиллий байлық сыпатында қорғаўды тәмийинлеўши шәртлер тийкарында ҳәм тәртипте жеке меншик болыўы мүмкин.

arrrow-icon

XIII бап. Пуқаралық жәмийети институтлары

writing
1

усыныслар

arrrow-icon

69 - статья

Пуқаралық жәмийети институтлары, соның ишинде жәмийетлик бирлеспелер ҳәм басқа да мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, ғалаба хабар қураллары пуқаралық жәмийетиниң тийкарын қурайды.

Пуқаралық жәмийети институтларының жумысы нызамға муўапық әмелге асырылады.

arrrow-icon

70 - статья

Өзбекстан Республикасында кәсиплик аўқамлар, сиясий партиялар, илимпазлардың жәмийетлери, ҳаял-қызлар шөлкемлери, ветеранлар, жаслар, майыплығы болған шахслар шөлкемлери, дөретиўшилик аўқамлар, ғалабалық ҳәрекетлер ҳәм пуқаралардың басқа да бирлеспелери жәмийетлик бирлеспелер сыпатында белгиленеди.

Жәмийетлик бирлеспелерди тарқатыў, олардың жумысына тыйым салыў ямаса шеклеў тек ғана судтың шешими тийкарында әмелге асырылады.

arrrow-icon

71 - статья

Конституциялық дүзимди күш пенен өзгертиўди мақсет етип қойған, Өзбекстанның мәмлекетлик суверенитетине, аймақлық пүтинлигине ҳәм қәўипсизлигине қарсы ҳәрекет ететуғын, урысты, социаллық, миллий, расалық ҳәм де диний өшпенлиликти нәсиятлайтуғын, пуқараларының конституциялық ҳуқықлары ҳәм еркинликлерине, халықтың денсаўлығына, социаллық әдеп-икрамлылығына қол қататуғын сиясий партиялардың, басқа мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлериниң, сондай-ақ миллий ҳәм диний белгилери бойынша сиясий партиялардың әскерийлестирилген бирлеспелердиң дүзилиўи ҳәм жумысы қадаған етиледи.

Астыртын жәмийетлер ҳәм бирлеспелер дүзиў қадаған етиледи.

arrrow-icon

72 - статья

Мәмлекет мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерине әмел етилиўин тәмийинлейди, оларға жәмийет турмысында қатнасыў ушын теңдей ҳуқықый мүмкиншиликлер жаратады.

Мәмлекетлик уйымлар ҳәм лаўазымлы шахслардың мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң жумысына араласыўына, сондай-ақ мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлеридиң мәмлекетлик уйымлар ҳәм лаўазымлы шахслардың жумысына араласыўына жол қойылмайды.

arrrow-icon

73 - статья

Кәсиплик аўқамлар хызметкерлердиң социаллық-экономикалық ҳуқықларын ҳәм мәплерин гөзлейди ҳәм қорғайды. Кәсиплик аўқамларына ағзалық ықтыярлы болады.

arrrow-icon

74 - статья

Сиясий партиялар ҳәр қыйлы социаллық қатлам ҳәм топарлардың сиясий еркин билдиреди ҳәм өзлериниң демократиялық жол менен сайлап қойылған ўәкиллери арқалы мәмлекетлик ҳәкимиятты дүзиўде қатнасады. Сиясий партиялар өз жумысын қаржыландырыў дәреклери ҳаққында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасына ямаса ол ўәкиллик берген уйымға белгиленген тәртипте ашық есабатлар усынылады.

arrrow-icon

75 - статья

Диний шөлкемлер мәмлекеттен ажыратылған ҳәм де нызам алдында тең болып табылады. Мәмлекет диний шөлкемлердиң жумысына араласпайды.

Мәмлекет нызамда белгиленген тәртипте жумыс ислеп атырған диний шөлкемлер жумысының еркинлигине кепиллик береди.

arrrow-icon

XIV бап. Шаңарақ, балалар ҳәм жаслар

writing
3

усыныслар

arrrow-icon

76 - статья

Шаңарақ жәмийеттиң тийкарғы буўыны болып табылады ҳәм де ол жәмийет ҳәм мәмлекеттиң қорғаўында болады.

Неке Өзбекстан халқының дәстүрий шаңарақлық қәдириятларына, некелениўшилердиң ықтыярый разылығына ҳәм тең ҳуқықлығына тийкарланады.

Мәмлекет шаңарақтың толық раўажланыўы ушын социаллық, экономикалық, ҳуқықый ҳәм басқа да шараятларды жаратады.

arrrow-icon

77 - статья

Ата-аналар ҳәм олардың орнын басыўшы шахслар өзиниң перзентлерин ержеткенге шекем бағыў, олардың тәрбиясы, билим алыўы, саламатлығы, толық ҳәм ҳәр тәреплеме камалға келиўинде ғамқорлық етиўге миннетли.

Мәмлекет ҳәм жәмийет жетим балаларды ҳәм ата-анасының қәўендерлигинен айырылған балаларды бағыўды, тәрбиялаўды, олардың билим алыўын, саламат, толық түрде ҳәм ҳәр тәреплеме камал табыўын тәмийинлейди, сол мақсетте қайырқомлық жумысын хошаметлейди.

arrrow-icon

78 - статья

Балалар ата-анасының шығысына ҳәм пуқаралық ҳалатына қарамастан нызам алдында тең.

Баланың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеў ҳәм де қорғаў, оның физикалық, ақылый ҳәм мәдений жақтан толық камал табыўы ушын ең жақсы шараятларды жаратыў мәмлекеттиң миннети болып табылады.

Аналық, аталық ҳәм балалық мәмлекет тәрепинен қорғалады.

Мәмлекет ҳәм жәмийет балаларда ҳәм де жасларда миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларға садықлықты, мәмлекеттен және де халықтың бай мәдений мийрасынан мақтаныш етиў, ўатан сүйиўшилик ҳәм Ўатанға болған мухаббат сезимин қәлиплестириў ҳаққында ғамқорлық етеди.

arrrow-icon

79 - статья

Мәмлекет жаслардың жеке, сиясий, экономикалық, социаллық, мәдений, экологиялық ҳуқықлары қорғалыўын тәмийинлейди, олардың жәмийет ҳәм мәмлекет турмысында белсенди қатнасыўын хошаметлейди.

Мәмлекет жаслардың интелектуал, дөретиўшилик, физикалық ҳәм әдеп-икрамлылық жақтан қәлиплесиўи ҳәм де раўажланыўы ушын, олардың билим алыўына, денсаўлығын сақлаўға, турақ жайға, жумысқа орналасыўына, бәнтлик ҳәм дем алыўға болған ҳуқықларын әмелге асырыў ушын шараятлар жаратады.

arrrow-icon

80 - статья

Ер жеткен мийнетке жарамлы балалар өзлериниң ата-аналарына ғамқорлық көрсетиўге миннетли.

arrrow-icon

ХV бап. Ғалаба хабар қураллары

writing
0

усыныслар

arrrow-icon

81 - статья

Ғалаба хабар қураллары еркин ҳәм нызамға муўапық жумыс алып барады.

Мәмлекет ғалаба хабар қураллары жумысының еркинлигин, олардың мәлимлемени излеў, алыў, оннан пайдаланыў ҳәм оны тарқатыўға болған ҳуқықлары әмелге асырылыўына кепиллик береди.

Ғалаба хабар қураллары өзи усынған мәлимлемениң исенимлилиги ушын жуўапкер болып есапланады.

arrrow-icon

82 - статья

Цензураға жол қойылмайды.

Ғалаба хабар қуралларының жумысына тосқынлық етиў ямаса араласыў нызамға муўапық жуўапкершиликке себеп болады.

arrrow-icon

IV

Төртинши бөлим Ҳәкимшилик-аймақлық ҳәм мәмлекетлик дүзилиси

writing
0

усыныслар

arrrow-icon

ХVI бап. Өзбекстан Республикасының ҳәкимшилик-аймақлық дүзилиси

writing
2

усыныслар

arrrow-icon

83 - статья

Өзбекстан Республикасы ўәлаятлар, районлар, қалалар, посёлкалар, аўыллар, сондай-ақ Қарақалпақстан Республикасынан ибарат.

arrrow-icon

84 - статья

Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар, Ташкент қаласының шегараларын өзгертиў, сондай-ақ ўәлаятлар қалалар, районлар дүзиў ҳәм оларды сапластырыў Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң келисими менен әмелге асырылады.

arrrow-icon

XVII бап. Қарақалпақстан Республикасы

writing
1

усыныслар

arrrow-icon

85 - статья

Суверен Қарақалпақстан Республикасы Өзбекстан Республикасының қурамына киреди.

Қарақалпақстан Республикасының суверенитети Өзбекстан Республикасы тәрепинен қорғалады.

arrrow-icon

86 - статья

Қарақалпақстан Республикасы өзиниң Конституциясына ийе.

Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы Өзбекстан Республикасының Конституциясына қайшы болыўы мүмкин емес.

arrrow-icon

87 - статья

Өзбекстан Республикасы нызамлары Қарақалпақстан Республикасы аймағында да мәжбүрий болып табылады.

arrrow-icon

88 - статья

Қарақалпақстан Республикасының аймағы ҳәм шегаралары оның келисимисиз өзгертилиўи мүмкин емес. Қарақалпақстан Республикасы өзиниң ҳәкимшилик-аймақлық дүзилиси мәселелерин өз бетинше шешеди.

arrrow-icon

89 - статья

Қарақалпақстан Республикасы Өзбекстан Республикасы қурамынан Қарақалпақстан Республикасы халқының улыўмалық референдумы тийкарында ажралып шығыў ҳуқықына ийе.

arrrow-icon

90 - статья

Өзбекстан Республикасы менен Қарақалпақстан Республикасының өз-ара қатнасықлары Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы арасында Өзбекстан Республикасы Конституциясының шеңберинде дүзилген шәртнамалар ҳәм де келисимлер менен тәртипке салынады.

Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы арасындағы тартыслар келисимге келиў жолы менен шешиледи.

arrrow-icon

V

Бесинши бөлим. Мәмлекетлик ҳәкимиятты шөлкемлестириў

writing
0

усыныслар

arrrow-icon

XVIII бап. Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси

writing
0

усыныслар

arrrow-icon

91 - статья

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жоқары мәмлекетлик ўәкиллик уйымы болып, нызам шығарыўшы ҳәкимиятты әмелге асырады.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси еки палатадан — Нызамшылық палатасы (төменги палата) ҳәм Сенаттан (жоқары палата) ибарат.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы ҳәм Сенаттың ўәкиллик мүддети — бес жыл.

arrrow-icon

92 - статья

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы нызамға муўапық сайланатуғын бир жүз елиў депутаттан ибарат.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты аймақлық ўәкиллик палатасы болып, Сенат ағзаларынан (сенаторлардан) ибарат.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты ағзалары Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, ўәлаятлар, районлар ҳәм қалалардың мәмлекетлик ҳәкимият ўәкиллик уйымлары депутатларының тийисли қоспа мәжилислеринде усы депутатлар арасынан жасырын даўыс бериў жолы менен Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласынан тең муғдарда — төрт адамнан сайланады. Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының тоғыз ағзасы илим, көркем-өнер, әдебият, ислеп шығарыў тараўында, сондай-ақ мәмлекет ҳәм жәмийет хызметиниң басқа тараўларында үлкен әмелий тәжрийбеге ийе болған ҳәм де айрықша хызмет көрсеткен ең абырайлы пуқаралар арасынан Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен тайынланады.

Сайлаў күни жигирма бес жасқа толған ҳәм де кеминде бес жыл Өзбекстан Республикасы аймағында турақлы жасап атырған Өзбекстан Республикасы пуқарасы Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутаты, сондай-ақ Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзасы болыўы мүмкин. Депутатлыққа талабанларға қойылатуғын талаплар нызам менен белгиленеди.

Әйне бир шахс бир ўақыттың өзинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы депутаты ҳәм Сенаты ағзасы болыўы мүмкин емес.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутаты бир ўақыттың өзинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң, ўәлаятлар, районлар ҳәм қалалар мәмлекетлик ҳәкимият ўәкиллик уйымларының депутаты болыўы мүмкин емес.

arrrow-icon

93 - статья

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм Сенаттың биргеликтеги ўәкилликлери төмендегилерден ибарат:

1) Өзбекстан Республикасының Конституциясын қабыл етиў, оған өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў;

2) Өзбекстан Республикасының конституциялық нызамларын, нызамларын кабыл етиў, оларға өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў;

3) халықаралық шәртнамаларды ратификациялаў ҳәм денонсациялаў;

4) Өзбекстан Республикасының референдумын өткериў ҳаққында ҳәм оны өткериў сәнесин белгилеў ҳаққында шешим қабыл етиў;

5) Өзбекстан Республикасы ишки ҳәм сыртқы сиясатының тийкарғы бағдарларын белгилеў ҳәм де мәмлекетлик стратегиялық бағдарламаларын қабыл етиў;

6) Өзбекстан Республикасы нызам шығарыўшы, атқарыўшы ҳәм суд ҳәкимияты уйымларының системасын ҳәм ўәкилликлерин белгилеў;

7) Өзбекстан Республикасы қурамына жаңа мәмлекетлик дүзилмелерди қабыл етиў ҳәм олардың Өзбекстан Республикасы қурамынан шығыўы ҳаққындағы шешимлерди тастыйықлаў;

8) бажыхана, валюта ҳәм кредит ислерин нызам жолы менен тәртипке салыў;

9) Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң усынысына муўапық Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджетин қабыл етиў, оған өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў;

10) Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик қарызының ең жоқары муғдарын белгилеў;

11) салықлар ҳәм басқа мәжбүрий төлемлерди енгизиў;

12) Өзбекстан Республикасының ҳәкимшилик-аймақлық дүзилиси мәселелерин нызам жолы менен тәртипке салыў, шегараларын өзгертиў;

13) районлар, қалалар, ўәлаятларды дүзиў, сапластырыў, олардың атамасын ҳәм де шегараларын өзгертиў;

14) мәмлекетлик сыйлықлар ҳәм атақларды шөлкемлестириў;

15) Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясын дүзиў;

16) Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкилин ҳәм оның орынбасарын сайлаў;

17) Өзбекстан Республикасының Президентиниң Өзбекстан Республикасына ҳүжим етилгенде ямаса бир-бирин қәўиптен қорғаў бойынша дүзилген шәртнама миннетлерин орынлаў зәрүрлиги туўылғанда урыс жағдайын жәриялаў ҳаққындағы пәрманын тастыйықлаў;

18) Өзбекстан Республикасы Президентиниң улыўма ямаса толық емес мобилизация жәриялаў, айрықша жағдай енгизиў, оның әмел етиўин узайтыў ямаса тоқтатыў ҳаққындағы пәрманларын тастыйықлаў;

19) Өзбекстан Республикасында коррупцияға қарсы гүрес ҳаққындағы ҳәр жылғы миллий баянатын тыңлаў;

20) парламент тексериўин өткериў;

21) усы Конституция ҳәм нызамларда нәзерде тутылған басқа да ўәкилликлерди әмелге асырыў.

Палаталардың биргеликтеги ўәкилликлерине киретуғын мәселелер, қағыйда ретинде, дәслеп Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасында, кейин Сенатында көрип шығылады.

arrrow-icon

94 - статья

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының айрықша ўәкилликлери төмендегилерден ибарат:

1) Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң орынланыўы үстинен қадағалаўды әмелге асырыў;

2) Өзбекстан Республикасы Есап палатасының есабатын көрип шығыў;

3) Өзбекстан Республикасы Президентиниң усынысына муўапық Өзбекстан Республикасы Бас министри кандидатурасын көрип шығыў ҳәм мақуллаў;

4) Өзбекстан Республикасы Бас министриниң мәмлекетти социаллық-экономикалық раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелери бойынша, сондай-ақ Министрлер Кабинети ағзаларының жумыслары бойынша есабатларын тыңлаў;

5) Өзбекстан Республикасы Президентиниң усынысына муўапық Министрлер Кабинети ағзаларына кандидатураларды көрип шығыў ҳәм мақуллаў;

6) Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң мәмлекеттиң социаллық-экономикалық турмысының ең әҳмийетли мәселелери бойынша ҳәр жылғы баянатын тыңлаў;

7) мәмлекетлик уйымлардың лаўазымлы шыхсларына парламент сораўын жибериў ҳәм парламент қадағалаўының басқа формаларын әмелге асырыў;

8) Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы Спикери ҳәм оның орынбасарларын, комитетлердиң баслықлары ҳәм олардың орынбасарларын сайлаў;

9) Өзбекстан Республикасы Бас прокурорының усынысына муўапық Өзбекстан Республикасының Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы депутатын қол қатылмаслық ҳуқықынан айырыў ҳаққындағы мәселелерди шешиў;

10) өз жумысын шөлкемлестириў ҳәм палатаның ишки тәртип қағыйдалары менен байланыслы мәселелер бойынша шешимлер қабыл етиў;

11) сиясий, социаллық-экономикалық турмыс тараўындағы ол ямаса бул мәселелер бойынша, сондай-ақ мәмлекеттиң ишки ҳәм сыртқы сиясаты мәселелери бойынша қарарлар қабыл етиў;

12) усы Конституция ҳәм нызамларда нәзерде тутылған басқа да ўәкилликлерди әмелге асырыў.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы өзин-өзи тарқатып жибериў ҳаққында депутатлар улыўма санының кеминде үштен еки бөлиминен ибарат көпшилик даўысы менен шешим қабыл етиўи мүмкин.

arrrow-icon

95 - статья

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенатының айрықша ўәкилликлери төмендегилерден ибарат:

1) Өзбекстан Республикасы Президентиниң усынысына муўапық Өзбекстан Республикасы Конституциялық судын, Жоқарғы судын, Судьялар жоқары кеңесин, республика коррупцияға қарсы гүресиў уйымының баслығын ҳәм республика монополияға қарсы уйымының баслығын сайлаў;

2) Өзбекстан Республикасы Президентиниң усынысына муўапық Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры ҳәм Өзбекстан Республикасы Есап палатасы баслығы лаўазымларына талабанларды көрип шығыў ҳәм де мақуллаў;

3) Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен усыныс етилген Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети баслығы лаўазымына талабан бойынша мәсләҳәтлесиўлер өткериў;

4) Өзбекстан Республикасы Президентиниң усынысына муўапық Өзбекстан Республикасының сырт еллердеги ҳәм халықаралық шөлкемлер жанындағы дипломатиялық ҳәм де басқа ўәкилханалары баслықларын тайынлаў ҳәм оларды лаўазымынан босатыў;

5) Өзбекстан Республикасы Президентиниң усынысына муўапық Өзбекстан Республикасы Орайлық банки басқарыўының баслығын тайынлаў ҳәм оны лаўазымынан босатыў;

6) Өзбекстан Республикасы Президентиниң министрликлерди ҳәм басқа республика атқарыўшы ҳәкимият уйымларын дүзиў ҳәм де сапластырыў ҳаққындағы пәрманларын тастыйықлаў;

7) Өзбекстан Республикасы Президентиниң усынысына муўапық амнистия ҳаққындағы ҳүжжетлерди қабыл етиў;

8) Өзбекстан Республикасы Бас прокурорының, Өзбекстан Республикасы Орайлық банки басқарыўы баслығының есабатларын тыңлаў;

9) Өзбекстан Республикасының сырт еллердеги ҳәм халықаралық шөлкемлер жанындағы дипломатиялық ҳәм де басқа ўәкилханалары баслықларының жумысы мәселелери бойынша есабатларын тыңлаў;

10) мәмлекетлик уйымлардың лаўазымлы шахсларына парламент сораўын жибериў ҳәм парламент қадағалаўының басқа формаларын әмелге асырыў;

11) жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияттың ўәкиллик уйымларына жумысын әмелге асырыўда көмеклесиў;

12) жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияттың ўәкиллик уйымларының шешимлерин, олар нызамшылық нормаларына муўапық болмаған жағдайда, бийкар етиў;

13) Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығын ҳәм оның орынбасарларын, комитетлердиң баслықлары ҳәм олардың орынбасарларын сайлаў;

14) Өзбекстан Республикасы Бас прокурорының усынысы менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты ағзасын қол қатылмаслық ҳуқықынан айырыў ҳаққындағы мәселелерди шешиў;

15) өз жумысын шөлкемлестириў ҳәм палатаның ишки тәртип қағыйдалары менен байланыслы мәселелер бойынша шешимлер қабыл етиў;

16) сиясий, социаллық-экономикалық турмыс тараўындағы ол ямаса бул мәселелер бойынша, сондай-ақ мәмлекеттиң ишки ҳәм сыртқы сиясаты мәселелери бойынша қарарлар қабыл етиў;

17) Нызамшылық палатасы тарқатып жиберилген дәўирде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң нызамларды қабыл етиўге байланыслы ўәкилликлерди орынлаў, Конституция ҳәм конституциялық нызамлар буннан тысқары;

18) усы Конституция ҳәм нызамларда нәзерде тутылған басқа да ўәкилликлерди әмелге асырыў.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты өзин-өзи тарқатып жибериў ҳаққында сенаторлар улыўма санының кеминде үштен еки бөлиминен ибарат көпшилик даўысы менен шешим қабыл етиўи мүмкин.

arrrow-icon

96 - статья

Ўәкиллик мүддети питкеннен кейин, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы ҳәм Сенаты тийислисинше жаңа шақырық Нызамшылық палатасы ҳәм Сенаты жумыс баслағанға шекем өзиниң жумысын даўам еттирип турады.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм Сенатының биринши мәжилислери тийислисинше Нызамшылық палатасына сайлаўдан кейин еки айдан кешиктирмей ҳәм Сенат қурамы дүзилгенинен кейин бир айдан кешиктирмей Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен шақырылады.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы мәжилислери сессиялар дәўиринде өткериледи. Сессиялар, қағыйда ретинде, сентябрьдиң биринши жумыс күнинен баслап келеси жылдың июнь айы ақырғы жумыс күнине шекем өткериледи.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты мәжилислери зәрүрликке қарап, бирақ жылына кеминде үш мәрте өткериледи.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң палаталарының мәжилислери, егер олар ишинде барлық депутатлар, сенаторлар улыўма санының ярымынан көби қатнасып атырған болса, ўәкилликли есапланады.

Конституциялық нызамларды қабыл етиўде барлық депутатлар, сенаторлар улыўма санының кеминде үштен еки бөлеги қатнасыўы шәрт.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы ҳәм Сенаты мәжилислеринде, сондай-ақ олардың уйымлары мәжилислеринде Өзбекстан Республикасы Президенти, Бас министр, Министрлер Кабинетиниң ағзалары, Конституциялық суд, Жоқарғы суд, Судьялар жоқары кеңеси баслықлары, Бас прокурор, Орайлық банк басқарыўының баслығы қатнасыўы мүмкин. Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы ҳәм оның уйымлары мәжилислеринде Сенат Баслығы, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты ҳәм оның уйымлары мәжилислеринде Нызамшылық палатасы Спикери қатнасыўы мүмкин.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы ҳәм Сенаты өз алдына мәжилис өткереди.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм Сенатының қоспа мәжилислери Өзбекстан Республикасы Президенти ант еткенде, Өзбекстан Республикасы Президенти мәмлекеттиң социаллық-экономикалық турмысының, ишки ҳәм сыртқы сиясатының ең әҳмийетли мәселелери бойынша баянат жасағанда өткериледи. Палаталардың келисимине муўапық қоспа мәжилислер басқа мәселелер бойынша да өткерилиўи мүмкин.

arrrow-icon

97 - статья

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы ҳәм Сенаты өзиниң ўәкилликлерине киргизилген мәселелер бойынша қарарлар қабыл етеди.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм Сенатының қарарлары Нызамшылық палатасы депутатлары ямаса Сенат ағзалары улыўма санының көпшилик даўысы менен қабыл етиледи, усы Конституцияда нәзерде тутылған жағдайлар буннан тысқары.

arrrow-icon

98 - статья

Нызамшылық басламасы ҳуқықына Өзбекстан Республикасы Президенти, мәмлекетлик ҳәкимияттың жоқары ўәкиллик уйымы арқалы Қарақалпақстан Республикасы, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы депутатлары, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети ийе. Өзбекстан Республикасының Конституциялық суды, Жоқарғы суды ҳәм Бас прокуроры да өзиниң ўәкилликлерине киритилген мәселелер бойынша нызамшылық басламасы ҳуқықына ийе.

Нызамшылық басламасы ҳуқықы нызам жойбарын нызамшылық басламасы ҳуқықы субъектлери тәрепинен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасына киргизиў арқалы әмелге асырылады.

Өзбекстан Республикасының сайлаў ҳуқықына ийе болған, жүз мыңнан кем болмаған пуқаралары, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (омбудсман), Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы нызамшылық усынысларын нызамшылық басламасы тәртибинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасына киргизиўге ҳақылы.

Нызам жойбарларын, нызамшылық усынысларын киргизиў ҳәм көрип шығыў тәртиби нызам менен белгиленеди.

arrrow-icon

99 - статья

Нызам Нызамшылық палатасы тәрепинен қабыл етилип, Сенат тәрепинен мақулланып, Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен қол қойылғаннан соң ҳәм нызамда белгиленген тәртипте рәсмий дәреклерде жәрияланғаннан кейин юридикалық күшке ийе болады.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы тәрепинен қабыл етилген нызам қабыл етилген күннен баслап он күннен кешиктирмей Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенатына жибериледи.

Нызам Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты тәрепинен алпыс күн ишинде көрип шығылады ҳәм мақулланған жағдайда, қол қойылыўы ҳәм жәрияланыўы ушын Өзбекстан Республикасы Президентине он күннен кешиктирмей жибериледи.

Егер Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты нызамды мақуллаў ямаса мақулламаў ҳаққында алпыс күн ишинде шешим қабыл етпесе, Нызамшылық палатасы тәрепинен нызам қол қойылыўы ҳәм жәрияланыўы ушын Өзбекстан Республикасы Президентине жибериледи.

Өзбекстан Республикасы Президенти нызамға алпыс күн ишинде қол қояды ҳәм жәриялайды.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты тәрепинен қайтарылған нызам Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасына қайтарылады.

Егер Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты тәрепинен қайтарылған нызамды қайта көрип шығыўда Нызамшылық палатасы депутатлары улыўма санының үштен еки бөлегинен ибарат көпшилик даўысы менен нызамды және мақулласа, нызам Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси тәрепинен қабыл етилген болып есапланады ҳәм де қол қойылыўы ҳәм жәрияланыўы ушын Өзбекстан Республикасы Президентине Нызамшылық палатасы тәрепинен жибериледи.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты тәрепинен қайтарылған нызам бойынша Нызамшылық палатасы ҳәм Сенат жүзеге келген келиспеўшиликлерди сапластырыў ушын Нызамшылық палатасы депутатлары ҳәм Сенат ағзалары арасынан теңлик тийкарында келисиў комиссиясын дүзиўи мүмкин. Палаталар келисиў комиссиясы усынысларды қабыл еткенде нызам әдеттеги тәртипте көрип шығылыўы керек.

Өзбекстан Республикасы Президенти нызамды өзиниң қарсылықлары менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисине қайтарыўға ҳақылы.

Егер алдынғы қабыл етилген редакцияда тийислисинше Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы депутатлары ҳәм Сенаты ағзалары улыўма санының кеминде үштен еки бөлегинен ибарат көпшилик даўысы менен мақулланса, нызам Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен он төрт күн ишинде қол қойылыўы ҳәм жәрияланыўы керек.

Нызамлардың ҳәм басқа нормативлик ҳуқықый актлердиң жәрияланыўы олардың қолланылыўының мәжбүрий шәрти болып есапланады.

arrrow-icon

100 - статья

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы өзиниң қурамынан Нызамшылық палатасының Спикери ҳәм оның орынбасарларын сайлайды.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы Спикери ҳәм оның орынбасарлары жасырын даўыс бериў арқалы депутатлар улыўма санының көпшилик даўысы менен Нызамшылық палатасының ўәкиллиги мүддетине сайланады.

Әйне бир шахс қатарына еки мүддеттен артық Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының Спикери болыўы мүмкин емес.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы Спикери ҳәм оның орынбасарлары жасырын даўыс бериў арқалы Нызамшылық палатасы депутатлары улыўма санының үштен еки бөлегинен көпшилигиниң даўысы менен қабыл етилген Нызамшылық палатасы шешимине тийкар мүддетинен алдын шақырып алыныўы мүмкин.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы Спикери:

1) Нызамшылық палатасының мәжилислерин шақырады, оларда басшылық етеди;

2) Нызамшылық палатасы додалаўына киритилген мәселелерди таярлаўға улыўма басшылық етеди;

3) Нызамшылық палатасы комитетлери ҳәм комиссияларының жумысын муўапықластырып барады;

4) Өзбекстан Республикасы нызамларының ҳәм Нызамшылық палатасы қарарларының орынланыўы үстинен қадағалаўды шөлкемлестиреди;

5) парламентлераралық байланысларды әмелге асырыў жумысларына ҳәм де халықаралық парламент шөлкемлери жумыслары менен байланыслы Нызамшылық палатасы топарларының жумысына басшылық етеди;

6) Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты, басқа мәмлекетлик уйымлары, сырт еллер, халықаралық ҳәм басқа шөлкемлер менен өз-ара қатнасықларында Нызамшылық палатасы атынан жумыс алып барады;

7) Нызамшылық палатасы қарарларына қол қояды;

8) усы Конституция ҳәм нызамшылық актлеринде нәзерде тутылған басқа да ўәкилликлерди әмелге асырады.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы Спикери бийликлер қабыл етеди.

arrrow-icon

101 - статья

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты өзиниң қурамынан Сенат Баслығы ҳәм оның орынбасарларын сайлайды. Сенат Баслығы Өзбекстан Республикасы Президентиниң усынысына муўапық сайланады.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы орынбасарларынан бири Қарақалпақстан Республикасиның ўәкили болады.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы ҳәм оның орынбасарлары жасырын даўыс бериў арқалы сенаторлар улыўма санының көпшилик даўысы менен Сенат ўәкиллиги мүддетине сайланады.

Әйне бир шахс қатарына еки мүддеттен артық Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы болыўы мүмкин емес.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы ҳәм оның орынбасарлары жасырын даўыс бериў арқалы сенаторлар улыўма санының үштен еки бөлегинен көпшилигиниң даўысы менен қабыл етилген Сенат шешимине тийкар мүддетинен алдын шақырып алыныўы мүмкин.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы:

1) Сенат мәжилислерин шақырады, оларда басшылық етеди;

2) Сенат додалаўына киритилген мәселелерди таярлаўға улыўма басшылық етеди;

3) Сенат комитетлери ҳәм комиссияларының жумысын муўапықластырып барады;

4) Өзбекстан Республикасы нызамларының ҳәм Сенат қарарларының орынланыўы үстинен қадағалаўды шөлкемлестиреди;

5) парламентлераралық байланысларды әмелге асырыў жумысларына ҳәм де халықаралық парламент шөлкемлери жумыслары менен байланыслы Сенат топарларының жумысына басшылық етеди;

6) Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы, басқа да мәмлекетлик уйымлар, сырт еллер, халықаралық ҳәм басқа шөлкемлер менен өз-ара қатнасықларында Сенат атынан жумыс алып барады;

7) Сенат қарарларына қол қояды;

8) усы Конституция ҳәм нызамшылық актлеринде нәзерде тутылған басқа ўәкилликлерди әмелге асырады.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты Баслығы бийликлер қабыл етеди.

arrrow-icon

102 - статья

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы нызам жойбарларын таярлаў жумысын алып барыў, Нызамшылық палатасы додалаўына алып киргизилетуғын мәселелерди алдын ала қарап шығыў ҳәм таярлаў, Өзбекстан Республикасы нызамлары ҳәм де Нызамшылық палатасы тәрепинен қабыл етилетуғын шешимлердиң орынланыўын қадағалаў ушын өзиниң ўәкилликлери мүддетине Нызамшылық палатасы депутатлары арасынан комитетлерди сайлайды.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты Сенат додалаўына киргизилетуғын мәселелерди алдын ала қарап шығыў ҳәм таярлаў, Өзбекстан Республикасы нызамлары ҳәм де Сенат тәрепинен қабыл етилетуғын шешимлердиң орынланыўын қадағалаў ушын өз ўәкилликлери мүддетине сенаторлар арасынан комитетлерди сайлайды.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы ҳәм Сенаты, зәрүрлик болған жағдайда, белгили ўазыйпаларды орынлаў ушын депутатлар, сенаторлар арасынан комиссиялар дүзеди.

arrrow-icon

103 - статья

Мәмлекеттиң қәўипсизлиги, турақлы раўажланыўы тийкарларына кери тәсир көрсетиўи мүмкин болған, инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлерине, жәмийет ҳәм мәмлекет мәплерине, қәўип туўдыратуғын фактлер ҳәм ўақыяларды үйрениў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм Сенатының қоспа шешими менен парламент тексериўи өткерилиўи мүмкин.

Парламент тексериўин өткериў ушын Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы депутатлары ҳәм Сенаты ағзалары арасынан теңлик тийкарында арнаўлы комиссия дүзилип, ол өзиниң жумысын нызамға муўапық әмелге асырады.

arrrow-icon

104 - статья

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы депутатларына ҳәм Сенаты ағзаларына олардың депутатлық ямаса сенаторлық жумысы менен байланыслы қәрежетлер белгиленген тәртипте қапланады.

Нызамшылық палатасының депутатлары ҳәм де Сенатта турақлы тийкарда ислеўши Сенат ағзалары өз ўәкилликлери дәўиринде илимий, дөретиўшилик ҳәм педагогикалық жумыстан тысқары ҳақы төленетуғын басқа түрдеги жумыс пенен шуғылланыўы мүмкин емес.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы депутаты ҳәм Сенаты ағзасы қол қатылмаслық ҳуқықынан пайдаланады. Олар тийислисинше Нызамшылық палатасы ямаса Сенаттың разылығысыз жынайый жуўапкершиликке тартылыўы, услап турылыўы, қамаққа алыныўы ямаса суд тәртибинде берилетуғын ҳәкимшилик жаза шараларына тартылыўы мүмкин емес.

arrrow-icon

XIX бап. Өзбекстан Республикасының Президенти

writing
0

усыныслар

arrrow-icon

105 - статья

Өзбекстан Республикасының Президенти мәмлекет баслығы болып есапланады ҳәм мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының келисилген ҳалда жумыс алып барыўын ҳәм де бирге ислесиўин тәмийинлейди.

arrrow-icon

106 - статья

Өзбекстан Республикасы Президенти лаўазымына отыз бес жастан киши болмаған, мәмлекетлик тилди еркин билетуғын, тиккелей сайлаўға шекем кеминде 10 жыл Өзбекстан аймағында турақлы жасап атырған Өзбекстан Республикасы пуқарасы сайланыўы мүмкин. Әйне бир шахс қатарына еки мүддеттен артық Өзбекстан Республикасының Президенти болыўы мүмкин емес.

Өзбекстан Республикасының Президенти Өзбекстан Республикасының пуқаралары тәрепинен улыўма, тең ҳәм тиккелей сайлаў ҳуқықы тийкарында жасырын даўыс бериў жолы менен жети жыл мүддетке сайланады. Өзбекстан Республикасының Президентин сайлаў тәртиби нызам менен белгиленеди.

arrrow-icon

107 - статья

Өзбекстан Республикасы Президенти өзиниң ўазыйпасын атқарып турған дәўирде басқа ҳақы төленетуғын лаўазымды ийелеўи, ўәкиллик уйымының депутаты болыўы, исбилерменлик жумысы менен шуғылланыўы мүмкин емес.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң шахсы қол қатылмайды ҳәм нызам менен қорғалады.

arrrow-icon

108 - статья

Өзбекстан Республикасы Президенти Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисинин мәжилисинде төмендеги антты қабыл еткен ўақыттан баслап өз лаўазымына кирискен болып есапланады:

«Өзбекстан халқына садық хызмет етиўге, республиканың Конституциясы ҳәм нызамларына қатаң әмел етиўге, пуқаралардың ҳуқықлары ҳәм еркинликлерине кепиллик бериўге, Өзбекстан Республикасының Президентине жүкленген ўазыйпаларды ҳақ нийет пенен орынлаўға салтанатлы түрде ант етемен».

arrrow-icon

109 - статья

Өзбекстан Республикасының Президенти:

1) пуқаралардың ҳуқықлары ҳәм еркинликлерине, Өзбекстан Республикасының Конституциясы ҳәм нызамларына әмел етилиўиниң, Өзбекстан Республикасы суверенитети, қәўипсизлиги ҳәм аймақлық пүтинлигиниң кепили болып табылады, миллий мәмлекет дүзилиси мәселелерине байланыслы шешимлерди әмелге асырыў бойынша зәрүр илажлар көреди;

2) мәмлекет ишинде ҳәм халықаралық қатнасықларда Өзбекстан Республикасы атынан жумыс алып барады;

3) сөйлесиўлер алып барады ҳәм де Өзбекстан Республикасының шәртнама ҳәм келисимлерине қол қояды, республика тәрепинен дүзилген шәртнамаларға, келисимлерге ҳәм оның қабыл етилген миннетлерине әмел етилиўин тәмийинлейди;

4) өзиниң жанында аккредитациядан өткен дипломатиялық ҳәм де басқа ўәкиллердиң исеним ҳәм шақырып алыў жарлықларын қабыл етеди;

5) Өзбекстан Республикасының сырт еллердеги ҳәм халықаралық шөлкемлер жанындағы дипломатиялық ҳәм де басқа ўәкилханаларының баслықларын тайынлаў ушын талабанларды Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенатына усынады;

6) Өзбекстан Республикасы халқына ҳәм де Олий Мажлисине мәмлекеттиң ишки ҳәм сыртқы сиясатын әмелге асырыўдың ең әҳмийетли мәселелери бойынша мүрәжат етиў ҳуқықына ийе;

7) министрликлерди ҳәм басқа республикалық атқарыўшы ҳәкимият уйымларын дүзеди ҳәм сапластырады, усы мәселелерге байланыслы пәрманларды кейин ала Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты тастыйықлаўына киргизеди;

8) Сенат Баслығы лаўазымына сайлаў ушын талабанды Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенатына усынады;

9) Өзбекстан Республикасы Бас министрин, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети ағзаларын Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы мақуллағанынан кейин лаўазымға тайынлайды ҳәм оларды лаўазымынан босатады;

10) комитетлер, агентликлер ҳәм басқа республикалық мәмлекетлик уйымлары баслықларын нызамшылыққа муўапық лаўазымға тайынлайды ҳәм лаўазымынан босатады;

11) Өзбекстан Республикасы Бас прокурорын, Өзбекстан Республикасы Есап палатасы баслығын Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты мақуллағаннан кейин лаўазымға тайынлайды ҳәм оларды лаўазымынан босатады;

12) Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты менен мәсләҳәтлесиўлерден кейин Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети баслығын лаўазымға тайынлайды ҳәм оны лаўазымынан босатады;

13) Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенатына Өзбекстан Республикасы Конституциялық суды, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды, Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқары кеңеси қурамларына талабанларды, сондай-ақ Өзбекстан Республикасы Орайлық банк басқарыўының баслығы, республика коррупцияға қарсы гүресиў уйымының баслығы ҳәм монополияға қарсы уйымының баслығы лаўазымларына талабанларды усынады;

14) Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқары кеңесиниң усынысына муўапық ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы судлары баслықларын ҳәм баслық орынбасарларын, Өзбекстан Республикасы Әскерий судының баслығын тайынлайды ҳәм лаўазымынан босатады;

15) ўәлаятлар ҳәкимлерин ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимин тайынлайды ҳәм лаўазымынан босатады. Конституцияны, нызамларды бузған ямаса ҳәким ар-намысы ҳәм қәдир қымбатына дақ түсиретуғын ис-ҳәрекетлер ислеген район ҳәм қала ҳәкимлерин Өзбекстан Республикасы Президенти өзиниң шешими менен лаўазымынан босатыўға ҳақылы;

16) республика атқарыўшы ҳәкимияты уйымларының ҳәм ҳәкимлердиң ҳүжжетлерин тоқтатады, бийкарлайды, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети мәжилислеринде басшылық етиўге ҳақылы;

17) Өзбекстан Республикасының нызамларына қол қояды ҳәм жәриялайды; нызамды өзиниң қарсылықлары менен қайта додалаў ҳәм даўысқа қойыў ушын Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисине қайтарыўға ҳақылы;

18) Өзбекстан Республикасына ҳүжим етилгенде ямаса агрессиядан өз-ара қорғаў бойынша дүзилген шәртнама миннетлемелерин орынлаў зәрүрлиги пайда болғанда урыс жағдайы, улыўма ямаса толық емес мобилизация жәриялайды ҳәм қабыл еткен шешимди үш күн ишинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарының тастыйықлаўына киргизеди;

19) айрықша жағдайларда (реал сыртқы қәўип, ғалабалық тәртипсизликлер, үлкен апатшылықлар, тәбийғый апатшылықлар, эпидемиялар) пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде, Өзбекстан Республикасының пүткил аймағында ямаса оның айырым орынларында айрықша жағдай енгизеди ҳәм қабыл еткен шешимин үш күн ишинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң палаталары тастыйықлаўына киргизеди. Айрықша жағдай енгизиў шәртлери ҳәм тәртиби нызам менен белгиленеди;

20) Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлериниң Жоқарғы Бас сәркардасы есапланады, Қураллы Күшлердиң жоқары сәркардаларын тайынлайды ҳәм лаўазымынан босатады, жоқары әскерий атақлар береди;

21) Өзбекстан Республикасының орденлери, медаллары ҳәм жарлығы менен сыйлықлайды, Өзбекстан Республикасының маманлық ҳәм ҳүрметли атақларын береди;

22) Өзбекстан Республикасының пуқаралығына ҳәм сиясий баспана бериўге байланыслы мәселелерди шешеди;

23) амнистия ҳаққындағы ҳүжжетлерди қабыл етиў ҳаққында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенатына усыныс киргизеди ҳәм Өзбекстан Республикасының судлары тәрепинен ҳүким етилген шахсларды әпиў етеди;

24) Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик кеңесин дүзеди ҳәм оған басшылық етеди, өзиниң ўәкилликлерин әмелге асырыўды тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясын, сондай-ақ Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы мәсләҳәт кеңес уйымларын ҳәм басқа уйымларды қәлиплестиреди;

25) усы Конституция ҳәм нызамларда нәзерде тутылған басқа да ўәкилликлерди әмелге асырады.

Өзбекстан Республикасы Президенти өз ўәкилликлерин орынлаўды мәмлекетлик уйымларға ямаса лаўазымлы шахсларға тапсырыўға ҳақылы емес.

arrrow-icon

110 - статья

Өзбекстан Республикасының Президенти Конституцияға ҳәм нызамларға тийкарланып ҳәм де оларды орынлаў бойынша республиканың пүткил аймағында мәжбүрий күшке ийе болған пәрманлар, қарарлар ҳәм бийликлер шығарады.

arrrow-icon

111 - статья

Нызамшылық палатасы ямаса Сенат қурамында олардың нормал ислеўине қәўип туўдырыўшы шешилмейтуғын келиспеўшиликлер жүз бергенде яки олар бир неше мәрте Өзбекстан Республикасының Конституциясына қайшы келетуғын шешимлер қабыл еткен жағдайда, сондай-ақ Нызамшылық палатасы менен Сенат арасында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң нормал ислеўине қәўип туўдыратуғын шешилмейтуғын келиспеўшиликлер болғанда Өзбекстан Республикасы Президентиниң Өзбекстан Республикасы Конституциялық суды менен келискен ҳалда қабыл етилген шешим тийкарында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы, Сенаты тарқатып жиберилиўи мүмкин.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы, Сенаты тарқатып жиберилгенде жаңа сайлаў үш ай ишинде өткериледи.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы ҳәм Сенаты айрықша жағдай әмел етиў дәўиринде тарқатып жиберилиўи мүмкин емес.

arrrow-icon

112 - статья

Өзбекстан Республикасының әмелдеги Президенти өзиниң ўазыйпаларын орынлай алмайтуғын жағдайларда оның ўазыйпа ҳәм ўәкилликлери ўақтынша Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығына жүклетиледи, бунда үш ай мүддет ишинде нызамға толық муўапық ҳалда Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы өткериледи.

arrrow-icon

113 - статья

Ўәкиллик мүддети тамамланыўы менен отставкаға шыққан Өзбекстан Республикасы Президенти өмирлик Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзасы лаўазымын ийелейди.

arrrow-icon

XX бап. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети

writing
2

усыныслар

arrrow-icon

114 - статья

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети атқарыўшы ҳәкимиятты әмелге асырады. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети Өзбекстан Республикасы Бас министри, оның орынбасарлары ҳәм министрлерден ибарат. Қарақалпақстан Республикасы ҳүкиметиниң баслығы Министрлер Кабинети қурамына өзиниң лаўазымы бойынша киреди.

Министрлер Кабинети өз жумысын атқарыўшы ҳәкимият жумысының Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен белгиленетуғын тийкарғы бағдарлары шеңберинде әмелге асырады.

arrrow-icon

115 - статья

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети:

1) нәтийжели экономикалық, социаллық, салық ҳәм бюджет сиясатының әмелге асырылыўы, илим, мәденият, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм экономиканың, социаллық тараўдың басқа тармақларын раўажландырыўға байланыслы бағдарламалардың ислеп шығылыўы ҳәм де орынланыўы ушын жуўапкер болады;

2) турақлы экономикалық өсиў, макроэкономикалық турақлылықты тәмийинлеў, кәмбағаллықты қысқартыў, халық ушын мүнәсип турмыс шараятларын жаратыў, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, қолайлы инвестициялық орталықты жаратыў, аймақларды комплексли ҳәм турақлы раўажландырыў бойынша илажлар көреди;

3) халықты, соның менен бирге майыплығы болған шахсларды социаллық қорғаў системасының нәтийжели жумыс алып барыўын тәмийинлейди;

4) қоршаған орталықты қорғаў, тәбийғый байлықларды ҳәм биологиялық ҳәр түрлиликти сақлаў, климат өзгериўине, эпидемияларға, пандемияларға қарсы гүресиў ҳәм де олардың ақыбетлерин жумсартыў тараўларында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты әмелге асырылыўын тәмийинлейди;

5) жасларға тийисли мәмлекетлик сиясатты әмелге асырылыўын тәмийинлейди, шаңарақты қоллап-қуўатлаў, беккемлеў ҳәм қорғаў, дәстүрий шаңарақлық қәдириятларды сақлаў бойынша илажлар көреди;

6) пуқаралық жәмийети институтларын қоллап-қуўатлаў илажларын әмелге асырады, социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм бағдарламаларын ислеп шығыў ҳәм де әмелге асырыўда олардың қатнасыўын тәмийинлейди;

7) пуқаралардың экономикалық, социаллық ҳәм басқа ҳуқықлары ҳәм де нызамлы мәплерин қорғаў бойынша илажларды әмелге асырады;

8) Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳәм нызамлары, Олий Мажлис палаталары шешимлери, Өзбекстан Республикасы Президенти пәрманлары, қарарлары ҳәм бийликлериниң орынланыўын тәмийинлейди;

9) атқарыўшы ҳәкимият уйымлары жумысын муўапықластырады ҳәм бағдарлайды, олардың жумысы үстинен нызамда белгиленген тәртипте қадағалаўды әмелге асырады;

10) атқарыўшы ҳәкимият уйымларының жумысында ашық-айдынлық, нызамлылық ҳәм нәтийжелиликти тәмийинлеў, олардың жумысында коррупция көринислерине қарсы гүресиў, мәмлекетлик хызметлердиң сапасын асырыў ҳәм олардан пайдаланыў имканиятын кеңейтиў бойынша шаралар көреди;

11) Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына мәмлекеттиң социаллық-экономикалық турмысының ең әҳмийетли мәселелери бойынша ҳәр жылғы баянатларын усынады;

12) усы Конституция ҳәм нызамларда нәзерде тутылған басқа да ўәкилликлерди әмелге асырады.

arrrow-icon

116 - статья

Министрлер Кабинети конституциялық нормалар шеңберинде ҳәм нызамшылыққа муўапық Өзбекстан Республикасының пүткил аймағындағы барлық уйымлар, кәрханалар, мәкемелер, шөлкемлер, лаўазымлы шахслар ҳәм пуқаралар тәрепинен орынланыўы мәжбүрий болған қарарлар ҳәм бийликлер шығарады.

Министрлер Кабинети өз жумысында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти алдында жуўапкер болады.

Әмелдеги Министрлер Кабинети жаңадан сайланған Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси алдында өзиниң ўәкилликлерин тоқтатады, бирақ Министрлер Кабинетиниң жаңа қурамы дүзилгенге шекем Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарарына муўапық өз жумысын даўам етип турады.

arrrow-icon

117 - статья

Өзбекстан Республикасы Бас министри:

1) Министрлер Кабинетиниң жумысын шөлкемлестиреди ҳәм оған басшылық етеди, оның нәтийжели ислеўи ушын жеке жуўапкер болады;

2) Министрлер Кабинетиниң мәжилислеринде басшылық етеди, оның шешимлерине қол қояды;

3) халықаралық қатнасықларда Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети атынан жумыс алып барады;

4) Өзбекстан Республикасы нызамларында нәзерде тутылған басқа да ўазыйпаларды орынлайды.

arrrow-icon

118 - статья

Өзбекстан Республикасы Бас министри кандидатурасы Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарының лаўазымлы шахслары сайланғаннан ҳәм уйымлары дүзилгеннен кейин бир ай ишинде ямаса Бас министр лаўазымынан босатылғанынан кейин ямаса Бас министр, Министрлер Кабинетиниң әмелдеги қурамы отставкаға шығарылғаннан кейин бир ай ишинде Нызамшылық палатасы көрип шығыўы ҳәм мақуллаўы ушын Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен барлық сиясий партиялар фракциялары менен мәсләҳәтлесиўлер өткерилгенинен кейин усынылады.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен усынылған Өзбекстан Республикасы Бас министри кандидатурасына усыныс киргизилген күннен баслап он күн ишинде көрип шығады.

Бас министр лаўазымына талабан Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасында оның кандидатурасы көрип шығылып атырғанда Министрлер Кабинетиниң жақын мүддетке ҳәм узақ келешекке мөлшерленген ҳәрекет бағдарламасын усынады.

Бас министр кандидатурасы оның ушын Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы депутатлары улыўма санының ярымынан көпшилиги тәрепинен оны жақлап даўыс берилген жағдайда мақулланған есапланады.

Бас министр лаўазымына усынылған кандидатура үш мәрте қайтарылған жағдайда, Өзбекстан Республикасы Президенти Бас министрди тайынлайды ҳәм Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасын тарқатып жибериўге ҳақылы.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң ағзалары олардың кандидатуралары Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы тәрепинен мақулланғаннан кейин Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен лаўазымға тайынланады.

Өзбекстан Республикасы Президенти Бас министрди, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң әмелдеги қурамын ямаса ағзасын отставкаға шығарыўға ҳақылы.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети ағзасының өз жумысына байланыслы мәселелер бойынша есабатын тыңлаўға ҳақылы. Министрлер Кабинети ағзасының есабатын тыңлаў жуўмақларына көре Нызамшылық палатасы оны отставкаға шығарыў ҳаққындағы усынысты Өзбекстан Республикасы Президентине көрип шығыў ушын киргизиўге ҳақылы.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети ағзалары парламент сораўларына ҳәм Нызамшылық палатасы депутатының, Сенат ағзасының сораўларына нызамда белгиленген тәртипте жуўап бериўи шәрт.

Министрлер Кабинетиниң жумысын шөлкемлестириў тәртиби ҳәм ўәкиллик шеңбери нызам менен белгиленеди.

arrrow-icon

119 - статья

Өзбекстан Республикасы Бас министри ҳәм Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы арасында қарама-қарсылықлар турақлы түс алғанда Нызамшылық палатасының депутатлары улыўма санының кеминде үштен бир бөлеги тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президенти атына рәсмий киргизилген усыныс бойынша Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының додаланыўына Бас министрге исенимсизлик вотумын билдириў ҳаққындағы мәселе киргизиледи.

Бас министрге исенимсизлик вотумы, егер Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасының депутатлары улыўма санының кеминде үштен еки бөлеги даўыс бергенде, қабыл етилген болып есапланады. Бундай жағдайда Өзбекстан Республикасы Президенти Бас министрди лаўазымынан босатыў ҳаққында қарар қабыл етеди. Бунда Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң пүткил қурамы Бас министр менен бирге отставкаға шығады.

arrrow-icon

XXI бап. Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият тийкарлары. Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары

writing
0

усыныслар

arrrow-icon

120 - статья

Ўәлаятлар, районлар ҳәм қалаларда (районға бойсынатуғын қалалардан тысқары) халық депутатлары Кеңеслери мәмлекетлик ҳәкимият ўәкиллик уйымлары болып табылады.

Халық депутатлары Кеңесине оның депутатлары арасынан нызамға муўапық сайланатуғын баслық басшылық етеди.

Ўәлаят, район, қала ҳәкими лаўазымын ийелеп турған шахс бир ўақыттың өзинде халық депутатлары Кеңесиниң баслығы лаўазымын ийелеўи мүмкин емес.

Халық депутатлары Кеңеслериниң ўәкиллик мүддети — бес жыл. Әйне бир шахс қатарына еки мүддеттен артық әйне бир ўәлаят, район, қала халық депутатлары Кеңеслериниң баслығы етип сайланыўы мүмкин емес.

Халық депутатлары Кеңеслери депутатлары сайлаўы ҳәм халық депутатлары Кеңеслериниң жумысларын шөлкемлестириў тәртиби нызам менен белгиленеди.

Жаңадан шөлкемлестирилген ҳәкимшилик-аймақлық бирликлерде халық депутатлары Кеңеслерине сайлаў халық депутатлары Кеңеслерине нәўбеттеги улыўма сайлаўларға шекем қалған дәўирден аспайтуғын мүддетке өткериледи.

arrrow-icon

121 - статья

Тийисли аймақтағы атқарыўшы ҳәкимиятқа ўәлаят, район ҳәм қала ҳәкими басшылық етеди.

Ҳәкимлердиң ўәкиллик мүддети — бес жыл. Әйне бир шахс қатарына еки мүддеттен артық әйне бир ўәлаят, район, қаланың ҳәкими етип тайынланыўы мүмкин емес.

Ҳәкимлердиң жумысларын шөлкемлестириў тәртиби нызам менен белгиленеди.

arrrow-icon

122 - статья

Халық депутатлары Кеңеслериниң ўәкилликлери төмендегилерден ибарат:

1) тийисли жергиликли бюджетлерди көрип шығыў ҳәм қабыллаў, олардың орынланыўы үстинен қадағалаўды әмелге асырыў;

2) аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм халықты социаллық қорғаў бағдарламаларын тастыйықлаў;

3) ҳәкимди лаўазымға тастыйықлаў, оның жумыслары ҳаққындағы есабатларды тыңлаў;

4) усы Конституцияда ҳәм нызамларда нәзерде тутылған басқа да ўәкилликлерди әмелге асырыў.

arrrow-icon

123 - статья

Ўәлаятлар, районлар, қалалар ҳәкимлериниң ўәкилликлери төмендегилерден ибарат:

1) Өзбекстан Республикасының Конституциясы ҳәм нызамларын, Олий Мажлис палаталарының шешимлерин, Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманлары, қарарлары ҳәм де бийликлери, Министрлер Кабинетиниң жоқары турыўшы ҳәкимлердиң ҳәм тийисли халық депутатлары Кеңеслериниң шешимлерин орынлаў;

2) аймақларды экономикалық, социаллық, мәдений ҳәм экологиялық раўажландырыўды тәмийинлеўге қаратылған илажларды әмелге асырыў;

3) жергиликли бюджетти қәлиплестириў ҳәм орынлаў;

4) усы Конституцияда ҳәм нызамларда нәзерде тутылған басқа да ўәкилликлерди әмелге асырыў.

arrrow-icon

124 - статья

Ўәлаят ҳәм Ташкент қаласы ҳәкими Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен нызамға муўапық тайынланады ҳам лаўазымынан босатылады.

Район ҳәм қалалардың ҳәкимлери ўәлаят, Ташкент қаласы ҳәкими тәрепинен тайынланады ҳәм лаўазымынан босатылады ҳәм де тийисли халық депутатлары Кеңеси тәрепинен тастыйықланады.

Районға бойсынатуғын қалалардың ҳәкимлери район ҳәкими тәрепинен тайынланады ҳәм лаўазымынан босатылады ҳәм де халық депутатлары Кеңеси тәрепинен тастыйықланады.

arrrow-icon

125 - статья

Ўәлаят, район ҳәм қала ҳәкими өз ўәкилликлерин жеке басшылық тийкарында әмелге асырады ҳәм өзи басшылық етип атырған уйымлардың шешимлери ҳәм ҳәрекетлери ушын жеке жуўапкер болып табылады.

Ўәлаят, район ҳәм қала ҳәкими тийисли халық депутатлары Кеңесине ўәлаятты, районды, қаланы, социаллық-экономикалық раўажландырыўдың ең әҳмийетли мәселелери бойынша есабатлар усынады, усы есабатлар бойынша халық депутатлары Кеңеси тәрепинен тийисли шешимлер қабыл етиледи.

arrrow-icon

126 - статья

Халық депутатлары Кеңеси ҳәм ҳәким өзиниң ўәкилликлери шеңберинде тийисли аймақтағы барлық шөлкемлер, сондай-ақ лаўазымлы шахслар ҳәм пуқаралар тәрепинен орынланыўы мәжбүрий болған шешимлер қабыл етеди.

arrrow-icon

127 - статья

Посёлкалар ҳәм аўылларда, сондай-ақ қалалар, посёлкалар ҳәм аўыллардағы мәҳәллелерде пуқаралардың жыйынлары өзин-өзи басқарыў уйымлары болып, олар баслықты сайлайды.

Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары системасына кирмейди ҳәм жергиликли әҳмийетке ийе мәселелерди пуқаралардың мәплеринен, раўажланыўдың тарийхый өзине сай өзгешеликлеринен, сондай-ақ миллий қәдириятлардан, жергиликли үрп-әдетлер ҳәм дәстүрлерден келип шыққан ҳалда, нызамға муўапық ғәрезсиз раўиште шешиўге ҳақылы.

Мәмлекет пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысларын әмелге асырыў ушын зәрүр шараятлар жаратады, оларға нызамда белгиленген ўәкилликлерин әмелге асырыўда көмеклеседи.

Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары сайлаўы тәртиби, олардың жумысларын шөлкемлестириў ҳәм ўәкилликлери нызам менен белгиленеди.

arrrow-icon

XXII бап. Сайлаў системасы

writing
1

усыныслар

arrrow-icon

128 - статья

Өзбекстан Республикасының пуқаралары мәмлекетлик ҳәкимият ўәкиллик уйымларына сайлаў ҳәм сайланыў ҳуқықына ийе болып табылады. Ҳәр бир сайлаўшы бир даўысқа ийе. Даўыс бериў ҳуқықы, өз ерк-ықрарын теңлиги ҳәм еркинлиги нызам менен кепилленеди.

Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасына ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине, ўәлаятлар, районлар, қалалар мәмлекетлик ҳәкимият ўәкиллик уйымларына сайлаў тийислисинше олардың конституциялық ўәкиллик мүддети тамамланатуғын жылда — октябрь айы үшинши он күнлигиниң биринши екшембисинде өткериледи, усы Конституцияда нәзерде тутылған мүддетлерден алдын сайлаў өткериў жағдайлары буннан тысқары. Сайлаўлар улыўма, тең ҳәм туўрыдан-туўры сайлаў ҳуқықы тийкарында жасырын даўыс бериў жолы менен өткериледи. Өзбекстан Республикасының он сегиз жасқа толған пуқаралары сайлаў ҳуқықына ийе.

Өзбекстан Республикасы Президенти мүддетинен алдын Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын белгилеўге ҳақылы.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты ағзалары Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, ўәлаятлар, районлар ҳәм қалалар мәмлекетлик ҳәкимият ўәкиллик уйымлары депутатларының тийисли қоспа мәжилислеринде усы депутатлар сайланғанынан соң бир ай ишинде олар арасынан жасырын даўыс бериў жолы менен сайланады.

Суд тәрепинен мәмилеге уқыпсыз деп табылған пуқаралар, сондай-ақ суд ҳүкими менен еркинен айырыў орынларында сақланып турған шахслар сайланыўы мүмкин емес.

Суд тәрепинен мәмилеге уқыпсыз деп табылған пуқаралар, сондай-ақ аўыр ҳәм жүдә аўыр жынаятлар ислегенлиги ушын судтың ҳүкимине көре еркинен айырыў орынларында сақланып атырған шахслар сайлаўда қатнасыў ҳуқықынан тек ғана нызамға муўапық ҳәм де судтың шешими тийкарында айрылыўы мүмкин. Басқа ҳәр қандай жағдайларда пуқаралардың сайлаў ҳуқықларын тиккелей ямаса жанапай шеклеўге жол қойылмайды.

Өзбекстан Республикасы пуқарасы бир ўақыттың өзинде екеўден артық мәмлекетлик ҳәкимият ўәкиллик уйымының депутаты болыўы мүмкин емес.

Сайлаў өткериў тәртиби нызам менен белгиленеди.

arrrow-icon

129 - статья

Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисине, ўәлаятлар, районлар, қалалар мәмлекетлик ҳәкимият ўәкиллик уйымларына сайлаўларды, сондай-ақ Өзбекстан Республикасының референдумын шөлкемлестириў ҳәм өткериў ушын Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси тәрепинен жумысының тийкарғы принциплери ғәрезсизлик, нызамлылық, коллегиаллық, ашықлық ҳәм әдилликтен ибарат болған Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы дүзиледи.

Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы сайлаў комиссиялары системасына басшылық етеди, өзиниң жумысын турақлы түрде әмелге асырады ҳәм де өзиниң хызметинде Өзбекстан Республикасының Конституциясына ҳәм нызамларына әмел етеди.

Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының ағзалары Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң, халық депутатлары ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы Кеңеслериниң усынысы бойынша Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы ҳәм Сенаты тәрепинен сайланады.

Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы Өзбекстан Республикасы Президентиниң усынысына муўапық комиссия ағзалары арасынан бес жыллық мүддетке комиссия мәжилисинде сайланады. Әйне бир шахс қатарына еки мүддеттен артық Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы етип сайланыўы мүмкин емес.

arrrow-icon

XXIII бап. Cуд ҳәкимияты

writing
1

усыныслар

arrrow-icon

130 - статья

Өзбекстан Республикасында әдил судлаў тек ғана суд тәрепинен әмелге асырылады.

Өзбекстан Республикасында суд ҳәкимияты нызам шығарыўшы ҳәм атқарыўшы ҳәкимияттан, сиясий партиялардан, пуқаралық жәмийетиниң басқа институтларынан ғәрезсиз ҳалда жумыс алып барады.

arrrow-icon

131 - статья

Өзбекстан Республикасында суд системасы ҳәм судлар жумысының тәртиби нызам менен белгиленеди.

Айрықша судлар дүзиўге жол қойылмайды.

arrrow-icon

132 - статья

Өзбекстан Республикасы Конституциялық суды нызам шығарыўшы ҳәм атқарыўшы ҳәкимият ҳүжжетлериниң Конституцияға муўапықлығы ҳаққындағы ислерди көреди.

Конституциялық суд Өзбекстан Республикасы Президентиниң усынысына тийкар Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты тәрепинен Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқары кеңеси усыныс еткен сиясат ҳәм ҳуқық тараўындағы қәнигелер арасынан, Қарақалпақстан Республикасы ўәкилин қосқан ҳалда сайланады.

Конституциялық судтың судьялары қайта сайланыўы ҳуқықысыз он жыллық мүддетке сайланады.

Өзбекстан Республикасы Конституциялық суды өзиниң қурамынан Өзбекстан Республикасы Конституциялық судының баслығын ҳәм оның орынбасарын бес жыллық мүддетке сайлайды.

arrrow-icon

133 - статья

Өзбекстан Республикасы Конституциялық суды:

1) Өзбекстан Республикасы нызамларының ҳәм Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталары қарарларының, Өзбекстан Республикасы Президенти пәрманлары, қарарлары ҳәм бийликлериниң, ҳүкимет қарарлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары шешимлериниң, Өзбекстан Республикасы мәмлекетлераралық шәртнамалық ҳәм басқа миннетлемелериниң Өзбекстан Республикасының Конституциясына муўапықлығын анықлайды;

2) Өзбекстан Республикасының Президенти тәрепинен қол қойылғанға шекем — Өзбекстан Республикасы конституциялық нызамларының, ратификациялаў ҳаққындағы Өзбекстан Республикасы нызамлары Өзбекстан Республикасының Президенти тәрепинен қол қойылғанға шекем — Өзбекстан Республикасы халықаралық шәртнамалардың Өзбекстан Республикасы Конституциясына муўапықлығын анықлайды;

3) референдумға шығарылып атырған мәселелердиң Өзбекстан Республикасы Конституциясына муўапықлығы ҳаққында жуўмақ береди;

4) Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының Өзбекстан Республикасының Конституциясына, Қарақалпақстан Республикасы нызамларының Өзбекстан Республикасының нызамларына муўапықлығы ҳаққында жуўмақ береди;

5) Өзбекстан Республикасының Конституциясы ҳәм нызамлары нормаларына түсиник береди;

6) Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының белгили исте қолланылыўы лазым болған нормативлик ҳуқықый актлердиң Өзбекстан Республикасының Конституциясына муўапықлығы ҳаққында судлар басламасы менен киргизилген мүрәжатын көрип шығады;

7) конституциялық судлаў ислерин жүритиў әмелиятын улыўмаластырыў нәтийжелери бойынша ҳәр жылы Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарына ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентине мәмлекеттеги конституциялық нызамлылықтың жағдайы ҳаққында мәлимлеме усынады;

8) Өзбекстан Республикасының Конституциясы ҳәм нызамлары менен берилген ўәкиллиги шеңберинде басқа ислерди көрип шығады.

Пуқаралар ҳәм юридикалық шахслар, егер суд арқалы қорғаўдың басқа барлық қуралларынан пайдаланып болынған болса, судтта көрип шығылыўы тамамланған белгили исте суд тәрепинен өзине қарата қолланылған нызамның Конституцияға муўапықлығы ҳаққындағы шағым менен Өзбекстан Республикасы Конституциялық судына мүрәжат етиўге ҳақылы.

Конституциялық судтың шешими рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.

Конституциялық судтың шешими ақырғы ҳәм оның үстинен шағым етилиўи мүмкин емес.

Конституциялық судты шөлкемлестириў ҳәм оның жумыс тәртиби нызам менен белгиленеди.

arrrow-icon

134 - статья

Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды пуқаралық, жынаят, экономикалық ҳәм ҳәкимшилик суд ислерин жүритиў тараўында суд ҳәкимиятының жоқары уйымы болып есапланады.

Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды тәрепинен қабыл етилген ҳүжжетлер ақырғы шешим болып есапланады ҳәм Өзбекстан Республикасының пүткил аймағында орынланыўы мәжбүрий болып табылады.

Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды төменги судлардың судлаў жумыслары үстинен қадағалаў алып барыў ҳуқықына ийе.

Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының баслығы ҳәм оның орынбасарлары Өзбекстан Республикасы Президентиниң усынысына тийкар Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты тәрепинен бес жыллық мүддетке сайланады. Әйне бир шахс қатарына еки мүддеттен артық Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының баслығы, баслық орынбасары етип сайланыўы мүмкин емес.

arrrow-icon

135 - статья

Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқары кеңеси судьялар жәмийетшилигиниң ғарезсиз уйымы болып, ол судьялар корпусының қәлиплестирилиўин, суд ҳәкимияты ғәрезсизлигиниң конституциялық принципине әмел етилиўин тәмийинлейди.

Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқары кеңеси баслығы ҳәм оның орынбасары Өзбекстан Республикасы Президентиниң усынысына тийкар Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты тәрепинен бес жыллық мүддетке сайланады. Әйне бир шахс қатарына еки мүддеттен артық Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқары кеңесиниң баслығы, баслық орынбасары етип сайланыўы мүмкин емес.

Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқары кеңесин шөлкемлестириў ҳәм оның жумыс тәртиби нызам менен белгиленеди.

arrrow-icon

136 - статья

Судьялар ғәрезсиз болып, тек ғана Конституция ҳәм нызамға бойсынады. Судьялардың әдил судлаўды әмелге асырыў бағдарындағы жумысына қандайда бир тәризде араласыўға жол қойылмайды ҳәм бундай араласыў нызамға муўапық жуўапкершиликке себеп болады. Судьялар белгили ислер бойынша есап бериўши болмайды.

Судьяларға қол қатылмайды.

Мәмлекет судьяның ҳәм оның шаңарақ ағзаларының қәўипсизлигин тәмийинлейди.

Судьяны белгили истиң додалаўынан шетлетиўге, оның ўәкилликлерин бийкар етиўге ямаса тоқтатып турыўға, басқа лаўазымға өткериўге тек ғана нызамда белгиленген тәртипте ҳәм тийкарларға көре жол қойылады Судтың қайта шөлкемлестирилиўи ямаса сапластырылыўы судьяны лаўазымынан босатыў ушын тийкар болып хызмет етиўи мүмкин емес.

Судьялар сенатор, мәмлекетлик ҳәкимият ўәкиллик уйымларының депутаты болыўы мүмкин емес.

Судьялар сиясий партиялардың ағзасы болыўы, сиясий ҳәрекетлерде қатнасыўы, сондай-ақ илимий, дөретиўшилик ҳәм педагогикалық жумыстан тысқары ҳақы төленетуғын басқа жумыс түрлери менен шуғылланыўы мүмкин емес.

arrrow-icon

137 - статья

Ҳәмме судларда ислер ашық көриледи. Ислерди жабық мәжилисте тыңлаўға нызамда белгиленген жағдайларда ғана жол қойылады.

arrrow-icon

138 - статья

Суд ҳәкимиятының ҳүжжетлери барлық мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа шөлкемлер, лаўазымлы шахслар ҳәм де пуқаралар ушын миннетли.

arrrow-icon

139 - статья

Өзбекстан Республикасында суд ислерин жүргизиў өзбек тилинде, қарақалпақ тилинде ямаса тийисли орындағы көпшилик халық сөйлесетуғын тилде яки нызамға муўапық басқа тилде алып барылады. Суд ислери алып барылып атырған тилди билмейтуғын судта қатнасыўшы шахслардың дилмаш арқалы ис материаллары менен толық танысыў ҳәм суд ислеринде қатнасыў ҳуқықы ҳәм де судта ана тилинде сөйлеў ҳуқықы тәмийинленеди.

arrrow-icon

140 - статья

Судлардың жумысын қаржыландырыў тек ғана Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджетинен әмелге асырылады ҳәм ол әдил судлаўды толық ҳәм де ғәрезсиз әмелге асырыў имканиятын тәмийинлеў керек.

arrrow-icon

ХХIV бап. Адвокатура

writing
0

усыныслар

arrrow-icon

141 - статья

Физикалық ҳәм юридикалық шахсларға қәнигели юридикалық жәрдем көрсетиў ушын адвокатура жумыс алып барады.

Адвокатура жумысы нызамлылық, ғәрезсизлик ҳәм өзин-өзи басқарыў принциплерине тийкарланады.

Адвокатураны шөлкемлестириў ҳәм оның жумыс тәртиби нызам менен белгиленеди.

arrrow-icon

142 - статья

Адвокат өз кәсиплик ўазыйпаларын әмелге асырып атырғанда оның жумысына араласыўға жол қойылмайды.

Адвокатқа өзиниң қорғаўындағы шахс пенен тосқынлықларсыз ҳәм қупыя ушырасыў, мәсләҳәтлер бериў ушын шараятлар тәмийинленеди.

Адвокат, оның ар-намысы, қәдир қымбаты ҳәм кәсиплик искерлиги мәмлекет қорғаўында болады ҳәм нызам менен қорғалады.

arrrow-icon

XXV бап. Прокуратура

writing
2

усыныслар

arrrow-icon

143 - статья

Өзбекстан Республикасы аймағында нызамлардың анық ҳәм бирдей орынланыўы үстинен бақлаўды Өзбекстан Республикасының Бас прокуроры ҳәм оған бойсыныўшы прокурорлар әмелге асырады.

arrrow-icon

144 - статья

Прокуратура уйымларының бирден-бир орайластырылған системасына Өзбекстан Республикасының Бас прокуроры басшылық етеди.

Қарақалпақстан Республикасының прокуроры Өзбекстан Республикасының Бас прокуроры менен келисилген ҳалда Қарақалпақстан Республикасының жоқары ўәкиллик уйымы тәрепинен тайынланады.

Ўәлаятлардың прокурорлары, район ҳәм қала прокурорлары Өзбекстан Республикасының Бас прокуроры тәрепинен тайынланады.

Өзбекстан Республикасы Бас прокурорының, Қарақалпақстан Республикасы прокурорының, ўәлаят, район ҳәм қала прокурорларының ўәкиллик мүддети — бес жыл.

Әйне бир шахс қатарына еки мүддеттен артық Өзбекстан Республикасының Бас прокуроры лаўазымын ийелеўи мүмкин емес.

arrrow-icon

145 - статья

Өзбекстан Республикасының прокуратура уйымлары өзиниң ўәкилликлерин басқа мәмлекетлик уйымларынан, басқа шөлкемлерден, лаўазымлы шахслардан ғәрезсиз түрде, тек ғана Өзбекстан Республикасының Конституциясына ҳәм нызамларына бойсынған ҳалда әмелге асырады.

Прокурорлар өз ўәкилликлери дәўиринде сиясий партияларға ҳәм сиясий мақсетлерди гөзлеўши басқа жәмийетлик бирлеспелерге ағзалықты тоқтатып турады.

Прокуратура уйымларын шөлкемлестириў, олардың ўәкилликлери ҳәм хызмет көрсетиў тәртиби нызам менен белгиленеди.

arrrow-icon

146 - статья

Өзбекстан Республикасы аймығында жынаятшылыққа қарсы гүрес бойынша оператив-қыдырыў, тергеў ҳәм басқа да арнаўлы ўазыйпаларды өз бетинше атқаратуғын жеке шөлкемлерди, жәмийетлик бирлеспелерди ҳәм олардың бөлимшелерин дүзиў ҳәм де олардың жумыс ислеўи қадаған етиледи.

Нызамлылық ҳәм ҳуқық тәртибин, пуқаралардың ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин қорғаўда ҳуқық қорғаў уйымларына жәмийетлик шөлкемлер ҳәм пуқаралар жәрдем көрсетиўи мүмкин.

arrrow-icon

ХХVI бап. Финанс, пул ҳәм банк системасы

writing
0

усыныслар

arrrow-icon

147 - статья

Өзбекстан Республикасы өзиниң бирден-бир финанс, пул ҳәм банк системасына ийе.

arrrow-icon

148 - статья

Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети республика бюджетинен, Қарақалпақстан Республикасы бюджетинен ҳәм жергиликли бюджетлерден ибарат болып табылады.

Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджетин қәлиплестириў ҳәм де орынлаў тәртип-қағыйдалары ашық-айдынлық принциплери тийкарында әмелге асырылады.

Пуқаралар ҳәм пуқаралық жәмийети институтлары Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң қәлиплестирилиўи ҳәм де орынланыўы үстинен жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырады.

Пуқаралардың ҳәм де пуқаралық жәмийети институтларының бюджет процесинде қатнасыў тәртиби ҳәм түрлери нызам менен белгиленеди.

arrrow-icon

149 - статья

Өзбекстан Республикасы аймағында бирден-бир салық системасы әмел етеди. Салықларды енгизиў ҳуқықы Өзбекстан Республикасының Олий Мажлисине тийисли болып табылады.

arrrow-icon

150 - статья

Өзбекстан Республикасының пул бирлиги сўм болып табылады.

Сўм Өзбекстан Республикасының пүткил аймағында бирден-бир шекленбеген нызамлы төлеў қуралы болып табылады.

Өзбекстан Республикасы Орайлық банки Өзбекстан Республикасының аймағында нызамлы төлеў қураллары сыпатында пул бирликлерин айланысқа киргизиўде ҳәм оларды айланыстан шығарыўда айрықша ҳуқыққа ийе болып табылады.

arrrow-icon

151 - статья

Өзбекстан Республикасының банк системасы Өзбекстан Республикасы Орайлық банкинен ҳәм банклерден ибарат.

Өзбекстан Республикасы Орайлық банки пул-кредит ҳәм валюта сиясатын ислеп шығады ҳәм де әмелге асырады.

Өзбекстан Республикасы Орайлық банки мәмлекетте банклер хызметин тәртипке салыўды әмелге асырады, банк ҳәм төлеў системаларының турақлы жумыс ислеўин тәмийинлейди.

Өзбекстан Республикасы Орайлық банки өз ўазыйпаларын орынлаўда ғәрезсиз болып табылады.

Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң хызметин шөлкемлестириў тәртиби нызам менен белгиленеди.

arrrow-icon

XXVII бап. Қорғаныў ҳәм қәўипсизлик

writing
2

усыныслар

arrrow-icon

152 - статья

Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик суверенитетин ҳәм аймақлық пүтинлигин, халықтың тыныш турмысы ҳәм қәўипсизлигин қорғаў ушын дүзиледи.

Қураллы Күшлердиң дүзилиўи ҳәм оларды шөлкемлестириў нызам менен белгиленеди.

arrrow-icon

153 - статья

Өзбекстан Республикасы өз қәўипсизлигин тәмийинлеў ушын жетерли дәрежеде Қураллы Күшлерине ийе.

arrrow-icon

VI

Алтыншы бөлим. Конституцияға өзгерис киргизиў тәртиби

writing
13

усыныслар

arrrow-icon

154 - статья

Өзбекстан Республикасының Конституциясына өзгерис ҳәм қосымшалар тийислисинше Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы депутатлары ҳәм Сенаты ағзалары улыўма санының кеминде үштен еки бөлегинен ибарат көпшилиги тәрепинен қабыл етилген конституциялық нызам ямаса Өзбекстан Республикасының референдумы менен киргизиледи.

Усы Конституцияның 1-статьясы ҳәм усы статья екинши бөлиминиң қағыйдалары қайта көрип шығылыўы мүмкин емес.

Өзбекстан Республикасының Конституциясына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы конституциялық нызамда оның нормаларын, сондай-ақ Конституцияның нормаларын қолланыўдың өзине тән өзгешеликлери нәзерде тутылыўы мүмкин.

arrrow-icon

155 - статья

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси тийисли усыныс киргизилгеннен кейин алты ай даўамында Конституцияға өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында кең ҳәм ҳәр тәреплеме додалаўды есапқа алған ҳалда конституциялық нызам қабыл етилиўи мүмкин. Егер Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Конституцияны өзгертиў ҳаққындағы усынысты қайтарса, усыныс бир жыл өткеннен кейин ғана қайта киргизилиўи мүмкин.

arrrow-icon

Келип түскен усыныслар статистикасы

03.12.2024 ҳалатынаМағлыўмат ҳәр күни жаңаланып барады
  • Улыўма
  • Қабыл етилген
  • Көрип шигылып атыр
  • Бийкарлаў етилген
  • Темаға тийисли емес